
Гүнжини қайта ислеп таяр өним етип экспорт ететуғын Қанлыкөл районындағы «Наўрыз» АПЖ аймағында жайласқан «International construction machinery» жуўапкершилиги шекленген жәмийети 40 күннен соң иске түсиўи режелестирилген.

Бул реже иске түскеннен соң 70тен зыят адам жумыс пенен тәмийинленеди. Келешекте бул 150 адамды қураўы да мүмкин. Азық-аўкат ҳәм медицинада қолланылатуғын гүнжилер тийкарынан Туркия ҳәм Қытайға экспорт етиледи. Сондай-ақ, бул жерде айына 400 тонна гүнжи қабыл етилип, оннан 100 тонна өним ислениўи нәзерде тутылған.
Дәслеп гүнжилер Қанлыкөл районындағы фермер хожалықларынан ҳәм усы егинди егиўши жеке пуқаралардан, соңынан басқа да районлардан алыў режелестирилген.
Мағлыўмат ушын, гүнжиниң 1 тоннасы 2500 долларды қурайды.
Сахибжамал Есемуратова