Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.05.2018 10:07
  • 1960

ҚМУда «Поэзия булағы» атамасындағы әдебий кеше болып өтти

ҚМУда «Поэзия булағы» атамасындағы әдебий кеше болып өтти

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қарақалпақ филологиясы факультети тәрепинен Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылған күнине арналған «Поэзия булағы» атамасындағы әдебий кеше өткерилди. Кеше Бердақ музейинде болып, оны Қарақалпақ әдебияты кафедрасы баслығы, филология илимлериниң кандидаты Абадан Досымбетова алып барды.

ҚМУда «Поэзия булағы» атамасындағы әдебий кеше болып өтти

Филология илимлери кандидаты, доцент Бахтияр Генжемуратов «Қарақалпақ поэзиясының жаңа дәўирине жол салған шайыр» темасындағы баянатын ҳәм И.Юсупов дүньядан өткенде жазған «Қарызым көп» қосығын оқып берди. Буннан соң Қарақалпақ мәмлекетлик университети докторанты Малика Палымбетова «Сөз ҳәм саз сыйқыры» темасында баянат жасады. Шаңарағы менен И.Юсуповты жақсы көрип оқыйтуғын, «Әмет бақсы» мектебиниң оқыўшысы Улзада Айымбетова дуўтар менен илаж қатнасыўшыларының кеўлине байрам кейпиятын уласты.
Кешениң тийкарғы бөлиминде «И.Юсуповты үйренемиз» атамасында шайыр шығармалары бойынша таңлаў шөлкемлестирилди. Ол тийкарынан еки басқыштан ибарат болып, биринши бөлиминде шайыр лирикасының мазмунын ашып бериў, ал, екинши бөлиминде шайыр поэзиясында қолланылған сөзлерден, оның қайсы қосық екенлиги табылып, көркемлеп оқып бериў шәрти болды. Таңлаў жеңимпазларына диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

ҚМУда «Поэзия булағы» атамасындағы әдебий кеше болып өтти

Парахат Ажимуратов
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында