Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.05.2018 16:20
  • 2568

Туристлерден садақа сораған «тилемши» кемпирлер



Той ата-бабаларымыздан киятырған, үрп-әдетлеримиздиң бири есапланады. Бурынлары кишигирим ҳәм ықшам етип өткеретуғын болған.
Ал, ҳәзирде қандай?
Қымбат ресторан, жаслар сейилине бирдей реңнен жигирма-отыз кейинги маркадағы автомобиллерде сейил етиў үрдиске айланған. Жаслар сейилинде болса, «Ҳәсиретли ана» естелигине барып, гүл қойып айланыў, шампан виносын атып тилек айтыў, тойдың «сәни»не айланған.
Бүл дурыс па?
Ол жер муқаддес орын болып, Екинши жер жүзилик урыста қаза тапқанларға арнап орнатылған естелик емес пе?
Екиншиден, И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейи дүнья жүзи саяхатшылардың ең көп келетуғын орны есапланады. Әсиресе, ҳәптениң шемби, екшемби күнлери түристлер саны көбейеди. Ал, усы күнлери пайтахтымызда жас келин-күйеўлер сейили музей алдында ҳәдден тыс көп өткериледи. Себеби, бул жер пайтахтымыздағы ең шырайлы орынлардың бири. Музейге келген түристлер музей алдындағы жаслар сейилин тамашалайды.
Теңгениң еки тәрепи болғанындай, ҳәмме заттың еки тәрепи болады. Жаслар сейилинде жүргенде жасы үлкен «тилемши» үш кемпир келин-күйеўдиң алдына шығып олардан пул сорайды. Дийдисиндеги ақшасын алмаса, жас келин-күйеўге «бахытсыз болғайсыз», «бийперзент болғайсыз» деп ғарғаўдан да қайтпайды.
Енди ғана шаңарақ қурып атырған жасларды ғарғаў шәрт пе? Оннан қалаберсе, «тилемши»лер шет елден келген мийманлардан да садақа сорайды. Олар елимиздиң тарийхый мийрасларын көриў ушын узақ жол басып келген болса, бул «тилемши»лер олардан не ушын садақа сорайды. Бизлердиң мийрасларымызды көрип тәсирленеди. Бирақ, «тилемши» кемпирлердиң садақа сорағанын шет еллилер, «бул халық қартайса, ҳәммеси усылай күн кеширеди екен» деп ойлап қалмаспа екен?
Музей басшылары бул жағдайды бир нешше мәрте тийисли орынларға мүрәжат етип, өзгерис болмағанлықтан, ғалаба хабар қураллары арқалы жәриялаўды мақул көрди.

Гаўҳар БЕГЖАНОВА
Social

Усыныс етемиз

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

    Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги тәрепинен автомобильлерге жанармай қуйыў шақапшаларында тутыныўшыларға жеткерип берилип атырған автобензинниң сапа

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети «Док-1 Макс» ҳәм «Амбронол» дәри өнимлери бойынша жүргизилип атырған дәслепки тергеў нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди

    Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Тергеў басқармасы тәрепинен «Quramax Medikal» ЖШЖ ҳәм «Дәри

Сораған едиңиз: Пуқаралық қуралы деген не? Оған қандай түрдеги қураллар киреди?

Сораған едиңиз: Пуқаралық қуралы деген не? Оған қандай түрдеги қураллар киреди?

Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 21-июнь күни Олий Мажлис Сенатының 20-улыўмалық мәжилисинде Өзбекстан Республикасының «Қурал ҳаққында»ғы...