
1-август күни абитуриентлер саат 8:30 дан 9:00 ге шекем жуўап бетин дурыс толтырыў тәртиби менен танысады ҳәм оның арнаўлы орнына өзлери ҳаққындағы мағлыўматларды жазады. Бул ўақыт тест ушын ажыратылған ўақытқа кирмейди.
Еслетип өтемиз, тест сораўларын шешиў ушын ҳәр бир пәнге 1 сааттан ҳәм жуўаплар бетиндеги шеңберлерди бояў ушын 20 минут ўақыт ажыратылады.
Ислам Матеков.