1-август күни Ташкент информациялық технологиялар университетинде абитуриентлерди тестке киргизиў алдынан биометрикалық қадағалаўдан өткериў системасы өз нәтийжесин берди, деп
хабар бермекте Корреспондент Ўзбекистон.
Бул системаға муўапық, абитуриенттен ҳүжжет тапсырған ўақтында арнаўлы биометрикалық модулға бармағын қойыў талап етилди. Абитуриентлер тестке кириў ўақтында усы модулға қайтадан бармағын басады, егер мағлыўматлар сәйкес келсе, абитуриент тестке жибериледи. Бул усыл арқалы ТИТУға ҳүжжет тапсырған 12214 абитуриенттиң ҳәр 5 мыңнан 2 абитуриенттиң қағыйданы бузып кирип атырғаны анықланған.
Мағлыўматта жазылыўынша, ТИТУдың арнаўлы факультетине кириў ушын тест сынақлары ўақтында 16 нызам бузыўшылық жағдайы анықланғаннан соң кеминде 50 абитуриент ҳүжжетлерин қайтып алған.
Сондай-ақ, тест өткерилген күни сораў бетлерин айнадан ылақтырып, оны басқа адамлардың шешип бериў жағдайлары да анықланып, нызам бузыўшылар ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен усланған ҳәм аудиториядан шығарып жиберилген.