Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.05.2018 17:14
  • 2643

ҚМУда филолог илимпаз Айжарық Бекбергеновтың 80 жыллығына арналған илимий-теориялық конференция болып өтти



11-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң үлкен мәжилислер залында қарақалпақ филологиясы факультети қарақалпақ тил билими кафедрасының басламасы менен профессор, филология илимлериниң кандидаты Айжарық Бекбергеновтың 80 жыллық юбилейине бағышланған «Көрнекли тилши илимпаз» атамасындағы илимий-теориялық конференция болып өтти.
Конференцияны университет илимий бөлиминиң баслығы К.Алланазаров кирис сөз бенен ашты. Қарақалпақ тил билиминиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан көрнекли илимпаз ҳәм педагог бүгин арамызда болғанда 80 жасты қарсылаған болар еди. Илимий бөлиминиң баслығы К.Алланазаров өз сөзинде илимпаз мийнетлериниң тил билимин жетилистириўдеги әҳмийетине айрықша тоқталды.



Буннан соң филология илимлериниң кандидаты, доцент Қ.Пахратдинов «А.Бекбергеновтың өмири ҳәм илимий-педагогикалық хызмети» атамасында ҳәм филология илимлериниң докторы, профессор М.Қудайбергенов «А.Бекбергенов – көрнекли тилши илимпаз ҳәм умытылмас устаз» атамасында баянат жасады.
Филолог илимпаз бенен бирге ислесип, оның менен заманлас болған ҳәм устаз-педагогтан көплеген тәжирийбе арттырған белгили илимпазлар, профессор-оқытыўшылар ҳәм жәмийетлик искерлер илимпаздың өмири ҳәм педагогикалық хызмети ҳаққында шығып сөйледи.
Илаж соңында қарақалпақ филологиясы факультетиниң студентлери тәрепинен таярланған көркемлик бөлим жыйналғанлардың дыққатына усынылды.
Мағлыўмат ушын, А.Бекбергенов қарақалпақ тил билими тарийхында биринши мәрте жоқары оқыў орынларында қарақалпақ тилиниң стилистикасын оқытыўды жетилистириў, сондай-ақ, биринши мәрте стилистикалық ресурслар сыпатланған, тилдиң лексикалық, фонетикалық, морфологиялық ҳәм синтаксислик қуралларының стильлик хызметлери ашып берилген «Қарақалпақ тилиниң стилистикасы» китабының ҳәм басқа да бирнеше әҳмийетли илимий мийнетлердиң авторы есапланады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Уқсас жаңалықлар

Европада газдиң баҳасы рекорд дәрежеде қымбатлады

Европада газдиң баҳасы рекорд дәрежеде қымбатлады

    Европадағы саўдаларда газ баҳасы 2-январь күни мегаватт/саат ушын 50,3 евроға шекем (шама менен 1 мың

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

    2025-2039-жыллар аралығында туўылған балалар Бета әўлад ўәкиллери сыпатында тән алынады. Бул ҳаққында «New York Post»

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир