Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.08.2017 18:38
  • 2092

ҚМУда шет ел пуқараларын оқыўға қабыллаў жуўмақланды



Өзбекистан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2017-жыл 2-июньдеги №347 санлы «Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетинде кадрларды таярлаўдың системасын және де беккемлеў ис-илажлары ҳаққында»ғы Қарарының 2-бәнти ҳәм усы Қарардың 2-қосымшасына муўапық, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Шет ел пуқараларын Өзбекистан Республикасы оқыў орынларына оқыўға қабыллаў ҳәм оқытыў тәртибин беккемлеў ҳаққында»ғы 2008-жыл 4-августтағы 169-санлы Қарарына өзгерислер киргизилди. Оған муўапық, Өзбекистан Республикасы Жоқары оқыў орынларына Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң пуқараларын қабыллаў сәўбет тийкарында әмелге асырылатуғын болды.
Қабыллаў ушын сәўбетлер август айының 2-10-сәнелери аралығында жоқары оқыў орнында билим беретуғын тилде өткериледи. Шет ел пуқаралары 55 баллдан жоқары балл топласа сәўбеттен өткен есапланады.



Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң түрли факультетлерине Түркменстан Республикасының пуқаралары өзлери қәлеген қәнигеликлери бойынша ҳүжжетлерин тапсырды. Мәселен,
шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили (5111400) - 4 абитуриент,
филология ҳәм тиллерди оқытыў: түркмен тили (5120118) - 21 абитуриент,
биология (5140600) - 1 абитуриент,
физикалық тәрбия (5112000) - 3 абитуриент,
филология ҳәм тиллерди оқытыў: инглис тили (5120112) - 3 абитуриент
ҳүжжет тапсырған.
Баҳалаў критериясына муўапық, абитуриенттиң дүньяқарасы 25 балл, кәсипке болған қызығыўшылығы, оның жәмийеттеги орны ҳәм әҳмийети ҳаққындағы түсиниклери 25 балл, өз пикирлерин анық, логикалық ҳәм дөретиўшилик пенен баян ете алыўы ҳәм улыўмалық интеллектуал дәрежеси 25 балл, әдеп-икрамлылық дәрежелери сыннан өткерилип, абитуриенттиң этикалық принциплерге ийе болыўы, сыртқы көриниси ҳәм мәденияты 25 балл менен, жәми 100 баллық системада баҳаланды.
Баҳалаў критериясы бойынша жоқары балл топлаған абитуриентлер студентлер қатарына қабыл етиледи.



Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

Контракт толық төленбесе, студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў мүмкин бе?

    Контрактын төлемеген студентти жуўмақлаўшы ямаса аралық имтиханларға киргизбеў нызамлы тийкарға ийе емес. Егер студент улыўма

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Қайсы ѳнимлерди жеў териниң жағдайына унамсыз тәсир етеди?

Қайсы ѳнимлерди жеў териниң жағдайына унамсыз тәсир етеди?

    Қурамында қумшекер муғдары жоқары болған ѳнимлер жүз терисиниң эластиклигин сақлайтуғын коллаген талшықларына зыян жеткереди.  Дузланған