
Бүгин, 4-август сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәжилислер залында Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллығына бағышланған «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» ураны астында руўҳый-ағартыўшылық кешеси болып өтти. Кешени университеттиң руўҳыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Ҳ. Турсунбоев алып барды. Кешеге Өзбекистан Республикасы Илимлер Академиясы Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклор институты жетекши илимий қәнигеси Шомирза Турдимов, Өзбекистан көркем-өнер дөретиўшилик аўқамы ағзасы Маҳмуджон Ишонқулов, Өзбекистанға хызмет көрсеткен актёр Рисқибой Алиев, Өзбекистанға хызмет көрсеткен актриса Мадина Мухтаровалар қатнасты. Мәденият ҳәм илим хызметкерлери еркин ҳәм абадан турмысымыз, ғәрезсизлигимиз ҳәм оны қолға киргизиўдеги қыйыншылықлар туўралы сөз етти. Кеше соңында Мадина Мухтарованың атқарыўындағы қосықлар жыйналғанлардың нәзерине усынылды.

Сахибжамал Есемуратова