Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.05.2018 11:55
  • 1776

Быйыл жоқары оқыў орынларына қабыллаў қалай өтеди? (толық мағлыўмат)



Быйылғы жылы шөлкемлестирилиўи режелестирилген жоқары оқыў орынларына қабыллаў бойынша тест нәтийжелери онлайн тәризде жәрияланады. 10-май күни «Өзбекстан» телеканалы арқалы тиккелей эфирге берилген «Муносабат» ток-шоусында усылар ҳаққында пикир жүргизилген. Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы ҳәм блоггер Хушнуд Худойбердиевтиң хабарына тийкарланып Kun.uz жазбақта.
Экспертлердиң айтыўынша, быйылғы жылы барлық пәнлерге 2,1 балдан берилиўи ҳаққындағы гәплер – барлығы өтирик мағлыўматлар. Баллар бурынғыдай 1,1, 2,1 ҳәм 3,1 балл формасында қалдырылған.
Мәлим болыўынша, тест сынақларының биринши күни қолланылған сораўлар кейинги күнлери түспейди. Сондай-ақ, 15 күн даўамында SMS хабарлар ҳәм телефон байланысы өширилмейди, ал республика бойынша тест болып өтетуғын 57 үлкен павильонларға байланысты үзип қоятуғын үскенелер орнатылыўы режелестирилмекте.
«Барлық аймақлардағы тест сораўлары китабы Ташкентке арнаўлы фельдъегерлик хызметлери арқалы самолётларда алып келинеди ҳәм Ташкентте тексериледи. Тест жуўаплары ертеңине ДТМ сайтында жәрияланады, алдынғыдай тест өткерилетуғын имаратқа жуўап бетлери илдирилмейди. Себеби, ертеңине бул жерде басқа тест сынақлары өткерилип атырған болады», - дейди блоггер.
Көрсетиўде айтылыўынша, усы жылдан баслап республикамыз бойынша тестке шпаргалка, телефон ҳәм т.б. алып кириўге ҳәрекет еткен абитуриент сол ўақыттың өзинде тесттен шетлетиледи.
«Алдынғыдай, кеширимли болып, телефонды алып қалып, оны номерленген конвертке салып, абитуриенттиң өзин тестке киргизип жибериў болмайды. Алып кириўге урыныўдың өзи актлестирип, шетлетиўге себеп болады. Бул оғада орынлы қарар болды», - дейди Хушнуд Худойбердиев.
Тест сынақлары күндизги, арнаўлы сыртқы ҳәм кешки (сменалы) билимлендириў формасы ушын ҳәр жылы 1-августтан 15-августқа шекемги болған мүддетте, қағыйда тәризинде, күнине еки сменада өткериледи. Биринши смена саат 8:00 де, екинши смена саат 15:00 де басланады.
Тест сораўларын орынлаў ушын 30 тест сораўына 1 саат, 60 тест сораўына 2 саат, 90 тест сораўына 3 саат ўақыт белгиленеди. Бунда усы тәрепине дыққат қаратыў керек, бул жуўаплар бетин толтырыў менен бирге берилмекте.
Мағлыўматларға қарағанда, тест өткерилетуғын павильонлардағы камералар 31-июль күни қосып қойылады ҳәм 16-август күни өшириледи.
Тест сынақлары процеси интернет арқалы трансляция етиледи ҳәм мүмкиншилиги болса республикалық ҳәм жергиликли телеканаллар арқалы тиккелей алып көрсетиў де режелестирилмекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет