Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.05.2018 22:13
  • 1754

«Студентлер театр-студиялары»ның аймақлық басқышында ҚМУ биринши орынды ийеледи

«Студентлер театр-студиялары»ның аймақлық басқышында ҚМУ биринши орынды ийеледи

«Жаслар – келешек қурыўшылары!» ураны астында «Студентлер театр- студиялары» республикалық фестивалының аймақлық басқышы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы драма театрында болып өтти. Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университетиниң Үргенч филиалының командаларынан 51 студент қатнасты.
Илажды Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Х.Турсынбаев кирис сөз бенен ашып, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

«Студентлер театр-студиялары»ның аймақлық басқышында ҚМУ биринши орынды ийеледи

Таңлаўды төрешилер қурамы ағзалары Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Ә.Өтепбергенов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы драма театрының актрисасы, Қарақалпақстан халық артисти С.Дәўлетова, усы театрдың актрисасы Г.Жуманиязова ҳәм жәрдемши режиссёр М.Реймов, сондай-ақ, төрешилер қурамы баслығы Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары И.Абдикаликовлар әдил баҳалап барды.

«Студентлер театр-студиялары»ның аймақлық басқышында ҚМУ биринши орынды ийеледи

Таңлаўда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Жайҳун» студентлер театр-студиясы «Өмирдиң төрт күни» спектакли менен қатнасып, «Ең жақсы спектакль» номинациясының, ал, Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Үргенч филиалының «Айна» студентлер театр-студиясы «Ақыбет» спектакли менен қатнасып, «Актуал машқаланың сахналық көриниси ушын» номинациясының жеңимпазы деп табылды. Таңлаўдың жуўмағына муўапық, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң театр-студиясы биринши орынды ийелеп, республикалық басқышқа жоллама алды.

«Студентлер театр-студиялары»ның аймақлық басқышында ҚМУ биринши орынды ийеледи

Илаж Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 17-февраль күнги 160-саны буйрығына муўапық өткерилди.
Мағлыўмат ушын, фестивальда жоқары оқыў орнында билим алып атырған 30 жастан аспаған студентлер қатнасыўы мүмкин.

«Студентлер театр-студиялары»ның аймақлық басқышында ҚМУ биринши орынды ийеледи

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында