Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.05.2018 22:51
  • 1205

ҚМУда «Ибратлы келинлер» таңлаўы болып өтти



ҚМУдың мәденият сарайында шаңарақлы студент-қызлар арасында «Ибратлы келинлер» таңлаўы болып өтти.
Таңлаўға университет факультетлеринен ең белсенди студент-келинлер қатнасып, тийкарғы төрт шәрт бойынша сыннан өткерилди.
Таңлаў жуўмағына муўапық, Қарақалпақ филологиясы факультетиниң студенти 1-орынды, Техника факультетиниң студенти 2-орынды, ал шет тиллери факультетиниң студенти 3-орынды ийеледи. Жеңимпазлар диплом ҳәм қымбатбаҳалы саўғалар менен сыйлықланды, деп хабар берди университеттиң рәсмий сайты.



Таңлаў елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға жасларымыздың белсенди қатнасыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, студент-қызлардың, соның ишинде жас шаңарақлы студент-қызлардың оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилигин арттырыў, оларда өзиниң шаңарағына садықлық, пидайылық сезимлерин және де арттырыў, келешек турмысқа таярлаў, өзлери таңлаған қәнигеликлерине сүйиспеншилигин асырыў, миллий үрп-әдет дәстүрлеримизди, әдеп-икрамлылық, ийбелилик сыяқлы пазыйлетлерди бойына сиңдириў мақсетинде өткерилди.



Еслетип өтемиз, таңлаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысларын түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 5325-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында