Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.05.2018 08:17
  • 1682

Шымбайда Рейимбай Сапаровтың дөретиўшилигине байланыслы жаңа музей ашылды

Шымбайда Рейимбай Сапаровтың дөретиўшилигине байланыслы жаңа музей ашылды

Шымбай районындағы 43-санлы мектепте Рейимбай Сапаровтың туўылғанына 100 жыл толыў мүнәсибети менен район ҳәкимлигиниң қоллап-қуўатлаўы, мектеп жәмәәтиниң ҳәм туўған-туўысқанларының жәрдеми менен рәсмий музейиниң ашылыў салтанаты болып өтти, деп хабар берди Бекбай Сапаров фейсбук социаллық тармағында.

Шымбайда Рейимбай Сапаровтың дөретиўшилигине байланыслы жаңа музей ашылды

Музейдиң ашылыўына байланыслы өткерилген жыйналысты усы мектептиң муғаллими Ҳүрлиман Сержанова ашты ҳәм алып барды. Мектеп алдындағы Р.Сапаровтың бюстине гүллер қойылып, устазға тәжим етилди.

Шымбайда Рейимбай Сапаровтың дөретиўшилигине байланыслы жаңа музей ашылды

Устаздың өмири ҳәм хызметлери туўралы туўысқаны, журналист Бекбай Сапаров таярлаған баянаты менен қатнасты.

Шымбайда Рейимбай Сапаровтың дөретиўшилигине байланыслы жаңа музей ашылды

Буннан соң 2-санлы интернатты 1963-1964-оқыў жылында питкерген Р.Сапаровтың оқыўшысы Махаматдин Жарылқағанов, кәсиплеси Роза Длимова, ҳәм қызы Перуза Сапаровалар шығып сөйлеп, Р.Сапаровтың шөлкемлестириўшилик шеберлиги, инсаныйлық пазыйлетлери туўралы айтып өтти.
Музейде Р.Сапаровтың өмир жолы, хызметлери, ол туўралы жазылған китапшалар, газета-журналларда басылып шыққан сүўретли мақалалар орын алған.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған