Telegram karinform

Мәденият

  • 17.05.2018 15:17
  • 1765

2018-жыл ушын зәкат, фитр ҳәм фидя муғдары қанша?



Өзбекстан мусылманлары басқармасының Пәтўа комиссиясы 2018-жыл (ҳижрий 1439-жыл) ушын ЗӘКАТ төлеми 1 грамм алтынның ҳәзирги ўақыттағы базарларымыздағы орташа баҳасы 188 235 (бир жүз сексен сегиз мың еки жүз отыз бес) сум муғдарында екенлигин есапқа алып, 85 грамм алтын есабынан зәкат төлеми 16 000 000 (он алты миллион) сум екени ҳәм усы сумманың қырықтан бир (1/40) есеси, яғный 400 000 (төрт жүз мың) сум муғдарында зәкат шығарыўды мақуллады. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.
Быйылғы ФИТР садақасының муғдары ўәлаят, қала ҳәм районларымыздың базарларындағы 2 килограмм бийдай баҳасынан келип шығып белгиленди. Мәселен, 2018-жылы Ташкент қаласы базарларында 1 килограмм бийдайдың баҳасы орташа 2500 (еки ярым мың) сум болса, демек 2 килограмм бийдайдың баҳасы 5000 (бес мың) сум болады.
Усы жыл ушын ФИДЯ муғдары турақлы түрде ораза тута алмайтуғын адамлар ушын бир аш адамның бир күнлик азық-аўқаты муғдарында болып, орташа 12 000 (он еки мың) сум деп белгиленди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: My Webpagehttps://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған