Усы жылдың 18-май күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаўдың сапасын арттырыў бойынша мәжилис болып өтти.
Мәжилиске ҚР Халық билимлендириў министрлиги, ҚР физикалық тәрбия ҳәм спорт министрлиги, ҚР Гидрометеорология басқармасы, Өзбекстан аўыл хожалығы илимий-ислеп шығарыў орайы ҚР бөлими, ҚР аўыл хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы, ҚР Әдиллик министрлиги, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамындағы ҚР судлары, ӨзР Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы ҚР басқармасы қатнасты. Сондай-ақ, «Тақыятас ыссылық електр станциясы» АЖ, «Карақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ, ҚР Жер дүзиў ҳәм көшпес мүлк кадастр мәмлекет кәрханасы, ҚР Тоғай хожалығы комитети, «Қарақалпақбоян» АЖ, ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети жергиликли бөлимлери, «Экосан» экология ҳәм саламатлық, Халықаралық жәрдем фондының Қарақалпақстан аймақлық шөлкемлеринен сексен төрттен аслам жумысшылар келди.
Жыйналыста кадрлар таярлаўдың сапасын арттырыў, ЖООның тийисли тәлим бағдарлары бойынша ҳәр бир студенттиң 2-курстан баслап тийисли тармақтың анық шөлкемлери ҳәм кәрханаларында қәнигелик практикаларын системалы түрде өткерилиўин, сондай-ақ, олардың әмелий шынығыўларын өндиристе шөлкемлестириў ҳәм де питкериўшилерди жумысқа жайластырыў, бойынша анық ис-илажларды белгилеў, ЖОО буйыртпашылар менен биргеликте, кадрлар таярлаўдың мазмуны питкериўшилердиң билим ҳәм көнликпелерине қойылатуғын талапларды белгилеўши бакалавр бағдарларын ҳәм қәнигеликлерин, оқыў режелери ҳәм бағдарламаларын тараў талабынан келип шыққан ҳалда ислеп шығыў ҳ.т.б. мәселелер қаралды.
Еслетип өтемиз, мәжилис Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльде «Жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаўдың сапасын арттырыўда экономика салалары менен тармақларының қатнасын буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3151-санлы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-май күнги «Экономика тараўлары ҳәм тармақларында инновацияларды енгизиў механизмлерин жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3698-санлы қарарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша алдағы жумыслар тўуралы қарарларына тийкарланып өткерилди.
Айнура Алишова