Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.05.2018 13:02
  • 1937

Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметлери 31 ге көбейеди. Оларға қандай хызметлер киреди? (толық дизим)



2018-жылдың 1-июнь күнинен баслап Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң түрлери және 31 ге көбеймекте. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Булар:
- туўылыўды дизимге алыў; қайтыс болыўды дизимге алыў; ПҲАЖ органлары тәрепинен архивлик ҳүжжетлерди бериў, тәкирар түрде гүўалықлар бериў; пуқаралық ҳалаты актлерин тиклеў; пуқаралық ҳалаты актлери жазыўына өзгерис, дүзетиў ҳәм қосымшалар киргизиў;
- Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў;
- нотариаллық органлар тәрепинен архив ҳүжжетлерин бериў; судланғанлық ҳаққында мағлыўматнама бериў;
- мәнзил-мағлыўмат мәлимлемелерин усыныў; сырт еллерде мийнет етиўге руқсатнама; мийнет органларында пуқараларды жумыссыз сыпатында дизимге алыў; жумыссызлық бойынша пенсия тайынлаў; ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартыў ушын арза бериў;
- телекоммуникациялық тармақларды жойбарлаў, қурыў, пайдаланыў ҳәм хызмет көрсетиў жумысларын әмелге асырыў ушын лицензия бериў;
- ветеринария жумысларын әмелге асырыў ушын лицензия бериў; туризм жумысларын әмелге асырыў ушын лицензия бериў;
- физикалық шахс – салық төлеўшиниң салық ҳәм басқа төлемлерден қарызы жоқ екенлиги (ямаса барлығы) ҳаққында мағлыўматнама бериў; физикалық шахсларға салық төлеўшиниң идентификациялық номерин (СТИН (ИНН) бериў;
- турақ жай болмаған типтеги көшпес мүлк объектлери бойынша кадастрлық хызмет көрсетиў; турақ жай типиндеги көшпес мүлк объектлери бойынша кадастрлық хызмет көрсетиў;
- пуқаралардың атында жеке турақ жайы бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўматнама бериў; сырт еллерде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди нострификациялаў (эквивалентлигин көрсетиў);
- электр энергиясы, тәбийғый газ, суўды есаплаў үскенесин орнатыўға арза бериў; электр энергиясы, тәбийғый газ, суўды есаплаў үскенесин шешиўге арза бериў;
- электр энергиясы, тәбийғый газ, суўды есаплаў үскенесин салыстырыўға арза бериў;
- пуқараларға перзент дүньяға келгенде төленетуғын бир мәртелик пенсия пулын алыў ушын мүрәжат етиў;
- жерлеў мәресимлерин өткериў ушын төленетуғын бир мәртелик пенсия пулын алыў ушын мүрәжат етиў;
- пенсия алыўшылар дизиминде бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўматнама бериў; пенсиялардың муғдары ҳаққында мағлыўматнама бериў;
- миллий транспорт басқарыў гүўалықларының жаңа үлгилерин бериў.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында