Telegram karinform

Сиясат

  • 21.05.2018 16:07
  • 1984

Жаңа қарар жойбары: мәмлекетлик хызметкерлер дәраматлары ҳәм қәрежетлери ҳаққында есап бериўге мәжбүр болады



Ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер додаланатуғын порталда «Мәмлекетлик хызмет ҳаққында»ғы нызам жойбары додаланбақта, нызам усы тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыўы ҳәм мәмлекетлик хызмет механизмин жетилистириўи керек, деп жазады Kun.uz сайты.
Нызам жойбарының статьяларының бири (25), барлық мәмлекетлик хызметкерлерге (техникалық топар хызметкерлери категориясындағылар буған кирмейди) ҳәр жылы мүлклери ҳаққында декларация, дәраматлары ҳәм көп муғдардағы қәрежетлери ҳаққында мағлыўмат бериўди мәжбүрий етип қойыўды усыныс етпекте.
Егер нызам қабыл етилсе, мәмлекетлик хызметкерлер өз шаңарақ ағзалары, солар қатарында ата-анасы, өмирлик жолдасы, перзентлериниң мүлклери, дәраматлары ҳәм қәрежетлери ҳаққындағы декларацияны усыныўға мәжбүр болады.
Айрым категориядағы мәмлекетлик хызметкерлер ушын (олардың дизими президент тәрепинен белгиленеди) мүлкке, дәраматларға ҳәм көп муғдардағы қәрежетлерге қосымша талаплар белгилениўи мүмкин.
Мәмлекетлик хызметке қабыл етилиўи ушын барлық талабанлар, олардың биринши дәрежели ағайин-туўысқанлары болған шаңарақ ағзаларын мәмлекетлик хызметке кириў ўақтында мүлк декларациясы, дәраматлар ҳәм көп муғдардағы қәрежетлери ҳаққындағы мағлыўматларды усыныўы мәжбүрий етип қойылыўы мүмкин.
«Декларацияны тапсырғаны ҳаққындағы мағлыўмат мәмлекетлик хызметлер бойынша ўәкилликли орган тәрепинен, талабанның мәмлекетлик хызметке қабыл етиў ҳаққындағы қарар шығарылғанға шекем тексериледи», - деп келтирилген жойбарда.
Хызметкер надурыс ҳәм толық болмаған мағлыўматларды усынса (ямаса улыўма тапсырмаса), бул оны жумыстан шығарып жибериўге тийкар болады.
Ҳүжжетти 5-июньға шекем додалаў мүмкин. Күшке киргизилиўи режелестирилген сәне – 1-июль.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...