Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.05.2018 10:18
  • 1712

Азия раўажланыў банки Қарақалпақстанда суў тәмийнатын жақсылаў ушын қанша қаржы ажыратпақшы?



Азия раўажланыў банки (АРБ) Қарақалпақстан Республикасындағы суў тәмийинаты ҳәм санитариялық хызметлерди жақсылаў мақсетинде 145 миллион доллар муғдарында заём ажырататуғын болды. Жойбар 388 мың адамның (олардың ярымы ҳаяллар ҳәм балалар) суў тәмийнаты және санитариялық хызметлерди қамтып алады. Бул ҳаққында Kun.uz банк баспасөз хызметиниң мағлыўматына тийкарланып хабар бермекте.
«Қарақалпақстан Республикасы ушын суў тәмийнаты шараятларын жақсылаў оғада әҳмийетли, - дейди АРБның Орайлық ҳәм Батыс Азия департаментиниң қала қурылысы бойынша бас қәнигеси мырза Хао Жанг. – Суў тәмийнаты ҳәм санитариялық системаларды модернизациялаў адамлар, атап айтқанда 178 мың ҳаял ҳәм балалардың турмыс тәризиниң сапасын арттырыў мүмкиншилигин береди, олар үзликсиз түрде орайластырылған суў тәмийнаты системасына ийе болады».
Мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта аймақтағы халықтың 37 проценти орайластырылған суў тәмийнаты системасынан пайдаланады, халықтың 40 проценти болса ҳәптесине 6 сааттан кем суў хызметлеринен пайдаланыў мүмкиншилигине ийе.
Бул жойбар шеңберинде үш суў тазалаўшы станцияның қурылысы, қайта тиклениўи ҳәм кеңейтилиўи; 300 километрлик суў қубырлары магистралларының қурылысы ҳәм қайта тиклениўи; 28 суў бөлистириўши орай қурылысы ҳәм реабилитациясы; 900 километрге шамалас суў бөлистириў тармағының қурылысы ҳәм қайта тиклениўи, суўдың пайдаланылыўын өлшейтуғын есаплағышлар менен тәмийинлеў жумыслары әмелге асырылады.
Жойбарды 2024-жылдың июль айына шекем әмелге асырыў режелестирилмекте. Оның улыўмалық қунлылығы Өзбекстан ҳүкиметиниң 27,3 миллион долларлық қаржыларын қосқанда 172,3 миллион долларды қурайды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған