Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.05.2018 13:09
  • 1739

Билл Гейтс усы жазда оқыў ушын бес китапты усыныс етти

Билл Гейтс усы жазда оқыў ушын бес китапты усыныс етти

Microsoft тийкаршысы Билл Гейтс усы жазда оқып шығыў ушын бес китаптың дизимин жәриялады. Гейтс өзиниң блогында айтыўына қарағанда, китаплардың көлеми кишкене болып, оларды оқыў жүдә аңсат.
«Соңғы ўақытлары мен әжайып китапларды оқып шықтым. Бул китаплардың дизимин жазып атырғанымда, олардың айырымлары инсанды не нәрсе данышпан қылыўын, жақсы адамлар менен не ушын жаман нәрселер жүз бериўин, адамзаттың қай жерден келип шыққаны ҳәм қаяққа қарай кетип баратырғанлығы сыяқлы мәселелер сөз етилгенлигин түсиндим», - дейди ол.
Гейтс Уолтер Айзексонның «Leonardo da Vinci» («Леонардо да Винчи») китабын усыныс еткен. Миллиардердиң сөзлерине қарағанда, китапта художниктиң өмиринен қызықлы фактлер келтирилген.
Сондай-ақ, исбилермен Кейт Боулердың «Everything Happens for a Reason and Other Lies I’ve Loved» («Ҳәмме нәрсеге себеп бар ҳәм маған унайтуғын басқа жалған») китабын оқыўды усыныс еткен. Жазыўшы бул китапты өзинде рактың ең соңғы басқышы анықланған ўақытта жазған. Нәтийжеде, кеўилди тербететуғындай жүдә күлкили роман жүзеге келген.
Гейтс дизимге Жорж Сандерстиң «Lincoln in the Bardo» («Линкольн бардода») китабын да киргизген. «Мен Авраам Линкольн ҳаққында барлық нәрселерди билемен деп ойлап едим. Бирақ, бул роман оның турмысының айырым дәўирлерин қайта көрип шығыўға мәжбүрледи», - деп пикир билдирген.
Буннан тыскары, Дэвид Кристианның «Origin Story: A Big History of Everything» («Ҳәмме нәрсениң үлкен тарийхы») китабы усыныс еткен. Шығармада үлкен жарылыўдан баслап барлық нәрселер ҳаққында сөз етиледи. «Китап сизге адамзаттың Космостағы орны ҳаққында түсиник береди», - дейди ол.
Дизимниң соңынан Ганс Рослинг, Оли Рослинг ҳәм Анна Рослинг Роннлундтың «Factfulness» китабы орын алған. Халық аралық ден саўлықты сақлаў мәселелери бойынша профессор Ганс Рослинг дүнья ҳаққында әпиўайы ҳақыйқатларды түсиндирип береди.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған