
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика қәнигелигиниң студентлери тәрепинен бир неше айлардан берли «Журналист» атамасындағы газета шығарылып келинбекте. Оған Ж.Пулицердиң «Ҳәммеге тийисли болған нәрсени журналистлерден бөлек ҳеш ким сезбейди» деген қатарлары уран етип алынған.

Бул газета журналистика қәнигелиги студентлериниң оқыў әмелий газетасы болып, газетаны таярлаў барысында студентлер өзлерине тәжирийбе топлайды. Олар мақала жазыў, оны вёрсткалаў, бетлеў, дурыс жайластырыў, дизайн мәселеси сыяқлы газета шығарыў ўақтындағы процесслерди ҳәзирден әмелиятта сынап көрмекте. Бүгинги күнге шекем газетаның 6 саны басылып шықты.


Газета бетлеринде журналистика тараўына тийисли қызықлы мағлыўматлар, студентлердиң саяхатлары, Өзбекстан Республикасының нызам, қарар ҳәм пәрманлары, журналистика тараўындағы китаплар, ашық сабақлар туўралы материаллар берилип турылады. Сондай-ақ, газетаның ҳәр бир санында журналистика қәнигелигиниң оқытыўшыларына пикирлер билдириледи. Газета айына еки мәрте 50 нусқада А4 форматта шығарылады. Газетаны тарқатыў Өзбекстан Республикасының «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында»ғы нызамындағы информация тарқатыў қағыйдаларына қайшы келмейтуғынлығын айтып өтиў керек.
Мағлыўмат ушын, бул нызамда үш жүз ҳәм оннан артық нусқадағы газеталарды тарқатыў ушын лицензия алыў керек деп келтирип өтилген.

Сахибжамал Есемуратова