Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.05.2018 12:05
  • 1712

Академик Саидаҳрор Гулямов: «Балаларға билим бериўден алдын олардың мийин таярлап алыў керек»

Академик Саидаҳрор Гулямов: «Балаларға билим бериўден алдын олардың мийин таярлап алыў керек»

- Егер биз мийўе ағашын отырғызбақшы болсақ, дәслеп жерди аўдарып, қарық жарып, топырағын жумсартып, төгин төгип жердиң жақсы болыўын тәмийинлеп аламыз. Сонда ғана мийўе ағашы тутып, әсте раўажланыўды баслайды, - деди экономика илимлериниң докторы, академик Саидаҳрор Гулямов, - Тап сондай, балаларға билим бериўден алдын олардың бас мийин таярлап алыў керек. Бас мий берген билимлерди қабыл етип алыў ушын «ақыллы медицина» арқалы ондағы өзгерислер, қандай элементлердиң жетиспей атырғанын анықлап, соларды дүзетип, кейин билим бериў нәтийжели болады.
24-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында студентлер ҳәм магистрантлар менен ушырасыў өткерген академик С.Гулямов инновациялық экономикада «саламатластырылған ақыллы билимлендириў» ҳәм «ақыллы медицина»ның орны бойынша лекция сабағын өтти.

Академик Саидаҳрор Гулямов: «Балаларға билим бериўден алдын олардың мийин таярлап алыў керек»

Академиктиң айтыўынша, данышпан келешек ийелерин тәрбиялаўда тек ғана билимлендириў системасы емес, медицина тараўының да әҳмийети жоқары.
- «Ақыллы билимлендириў» системасы ашық система болып, оның сапасына сыртқы факторлардың тәсири 50-60% тен артыўы мүмкин. Бунда «инновациялық шаңарақтағы устаз-шәкирт мектеби», «ақыллы медицина»да денсаўлықты жақсылаў ҳәм бас мий қәбилетин раўажландырыў усыллары, «ақыллы физикалық тәрбия», «инновациялық мәҳәлле», «инновациялық руўхыйлық», «инновациялық илим» ҳәм «ақыллы исбилерменлик» үлкен роль ойнайды, - деп айтып өтти С.Гулямов.
Соны айрықша айтып өтиў керек, академиктиң билдирген пикирлери ҳәм илимий жуўмақлары жасларда үлкен қызығыўшылықларды пайда етти. Академик бул усынысларды әмелге асырыўда жасларды белсендиликке шақырды.
Сондай-ақ, ушырасыўда студентлер және магистрантлардың илимий изертлеў жумысларында нелерге әҳмийет бериў кереклиги бойынша баҳалы пикир-усыныслар билдирилди.
Мағлыўмат ушын, бул ушырасыў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, академиклердиң тийкарғы жумыслары бойынша илимий-инновациялық тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин үгит-нәсиятлаў, заманагөй илим жетискенликлерин ғалабаластырыў шеңберинде әмелге асырылды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында