
Өзбекстан жаслар аўқамының Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен пайтахтымызда жасайтуғын имканияты шекленген, майыплығы болған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған балалардың ҳалынан тез-тезден хабар алынып, оларға ғамқорлықлар көрсетип келинбекте.


«1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен усы жылдың 22-май күни Нөкис қаласында жасайтуғын 7 жаслы М.Оразбаевқа майыплық арбашасы, 10 жаслы А.Ержановқа емлениў ушын дәрилер ҳәм үй шараятында оқып, билим алып атырған 9 жаслы Э.Абатовқа жазыў доскасы тапсырылды.
Балалар ҳәм олардың ата-аналары Президентимиз, ҳүкиметимиз ҳәм жаслар аўқамынан шексиз миннетдар екенлигин билдирди.
Бундай қайырқомлық илажлары еле даўам етпекте.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Ислам Матеков.