
Бүгин, 25-май күни Ибрайым Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатында «Еркин Қарақалпақстан» ҳәм «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, белгили шайыр ҳәм аўдармашы Кеңесбай Реймовтың туўылғанына 60 жыл толыў мүнәсибети менен юбилей кешеси болып өтти.


Узақ жыллар даўамында баспасөз тараўында түрли лаўазымларда ислеген журналистти Қарақалпақстандағы газета ҳәм журналлардың редакторлары, белгили журналистлер, тележурналистлер юбилейи менен қутлықлады.


Бүгинги күнге шекем Кеңесбай Реймовтың Ш.Рашидовтың «Кашмир қосығы», Иқбол Мирзоның «Айтшы достым, не иследик Ўатан ушын?», сондай-ақ, «Гүмис нурлар» атамасындағы китаплары баспадан шығарылды.


Мағлыўмат ушын, Кеңесбай Реймов 1958-жылы 26-майда Кегейли районында туўылған. 1980-жылы Ташкент мәмлекетлик университетин питкерип, мийнет жолын «Қарақалпақстан жаслары» газетасынан баслаған.
Сахибжамал Есемуратова
Фото: Мақсет Абибуллаев.