Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.05.2018 17:06
  • 1906

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры Есимқан Қанаатов ӨзАға жумысқа өтти



Журналистика тараўындағы ең жоқары сыйлық «Олтин қалам» таңлаўының 2018-жылдағы лауреаты Есимқан Қанаатов Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң (ӨзА) Қарақалпақстан бойынша хабаршысы сыпатында жумыс баслады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.
Есимқан Қанаатов усы күнге шекем Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры лаўазымында ислеп келген. Оннан алдын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети баслығы сыпатында жумыс алып барған.
Ол Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети баслығы лаўазымында ислеп жүрген ўақытта (2016-жылы) «Жылдың ең белсенди мәлимлеме хызмети» Республикалық таңлаўының жеңимпазы болған.



2018-жылы ол басшылық еткен Қарақалпақстан хабар агентлигиниң веб-сайты (kknews.uz) Журналистика тараўындағы ең жоқары сыйлық – «Олтин қалам» Халықаралық Миллий таңлаўында Интернет журналистикасы тараўы бойынша 2-орынды ийеледи.
Есимқан Қанаатов бул таңлаўда бир ўақыттың өзинде еки сыйлыққа ерискен еди, яғный ол Орайлық Азияның Аймақлық экологиялық орайы тәрепинен шөлкемлестирилген таңлаўда «Суў ҳәм экология темасындағы ең жақсы материал» номинациясы бойынша да жеңимпаз деп табылған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында