Telegram karinform

Сиясат

  • 26.05.2018 12:52
  • 2476

Қарақалпақстан хабар агентлигине жаңа директор тайынланды



Елимизде жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қураллары арасында гиреўли орны бар Қарақалпақстан хабар агентлигине жаңа директор тайынланды.
26-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Журналистлер аўқамының баслығы К.Реймов ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасыўында жыйналыс өткерилди.
Жыйналыста агентликтиң усы күнге шекем директоры сыпатында жумыс алып барған Есимқан Қанаатовтың Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА)ниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша хабаршысы лаўазымына өтиўине байланыслы Қарақалпақстан хабар агентлигине белгили журналист, мәмлекетлик ғайраткер Баҳамдулла Нурабуллаев тайынланды.
Еслетип өтемиз, Баҳамдулла Нурабуллаев усы күнге шекем республикалық көлемдеги ғалаба хабар қуралларында, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының директоры лаўазымларында ислеген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

    Унамлы пикирлеўди раўажландыражақ болсаңыз, артқа қарай жүриўге ҳәрекет етиң. Әпиўайы жол менен артқа қарай жүриў,

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

    Пуқаралық кодекстиң 195-статьясына тийкарланып, қараўсыз ямаса адасып қалған шарўа малларын яки баска қараўсыз үй ҳайўанларын