Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.05.2018 13:20
  • 1827

Коммуналлық төлемлер бойынша кимлерге жеңилликлер бериледи?

Коммуналлық төлемлер бойынша кимлерге жеңилликлер бериледи?

Президенттиң 2003-жыл 27-марттағы Пәрманына тийкарланып, 2003-жылдың 1-апрелинен баслап турақ жай-коммуналлық хызметлер ҳақысын төлеў бойынша нызамшылық тийкарында берилетуғын жеңилликлер орнына ең кем мийнет ҳақы есабынан қатламластырылған муғдарда айлық компенсациялық пул төлемлери енгизилген. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Турақ жай-коммуналлық хызметлер ҳақысын төлеў бойынша компенсациялық пул төлемлериниң механизми ҳаққындағы режеге муўапық компенсациялық төлемлер төмендегилерге бериледи:
- 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшыларына теңлестирилген шахслар;
- басқалардың ғамқорлығына мүтәж болған жалғыз баслы пенсионерлер;
- бурынғы Аўқам Қаҳарманлары, Социалистлик мийнет Қаҳарманлары ҳәм «Слава» ордениниң үш дәрежеси менен сыйлықланған шахслар;
- фашист концлагерлериниң бурынғы ержетпеген тутқынлары;
- Ленинград қаласының қоршап алыныўы ўақтында ислеген пуқаралар;
- көриў имканияты бойынша I топар майыплары;
- Чернобыль апатшылығы ақыбетинде жәбирленген пуқаралар;
- ядро полигонлары ҳәм басқа радиациялық-ядро объектлеринде әскерий хызметти атқарған пенсия жасындағы шахслар.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет