Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.05.2018 00:19
  • 1634

ҚМУда ғалаба хабар қураллары хызмети менен байланыслы республикалық илимий-теориялық конференция өткерилди

ҚМУда ғалаба хабар қураллары хызмети менен байланыслы республикалық илимий-теориялық конференция өткерилди

«Ғалаба хабар қураллары халықтың талап ҳәм зәрүрликлерин ҳәкимият уйымларына жеткериўдиң әҳмийетли және тәсиршең қуралына, халықтың ең жақын көмекшиси ҳәм дәртлесине, демократия айнасына айланыўы зәрүр. Ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымының жумысына сын көзқарастан ҳәм қалыс баҳа бериў, түрли тараўлардағы кемшиликлерди, әҳмийетли машқалаларды исенимли көтерип шығыў олардың жумысында тийкарғы өлшем болыўы керек», деген пикирлерди айтып өткен еди ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев. Усы сыяқлы журналистика тараўындағы кемшиликлерди сапластырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 6-марттағы 178-ф-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 12-март күнги 233-санлы бўйрығына муўапық, 28-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы Бердақ музейинде журналистика кафедрасының «Глобалласыў процеси ҳәм ғалаба хабар қураллары хызмети» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференциясы болып өтти.
Конференция глобалласыў ҳәм информация тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, ғалаба хабар қуралларының ўазыйпалары, информация қәўипсизлиги мәселелери, веб-сайтлар арқалы жаслардың жәмийетлик, сиясый, мәдений, экономикалық билимлерин арттырыў усыллары, ғалаба хабар қуралларында әдебий тилден пайдаланыў мәселелери сыяқлы бағдарларды өз ишине қамтыды.

ҚМУда ғалаба хабар қураллары хызмети менен байланыслы республикалық илимий-теориялық конференция өткерилди

Конференцияда «Жеткиншек» газетасының редакторы, Қарақалпақстан журналистлери дөретиўшилик Аўқамы баслығының орынбасары Абдулла Ембергеновтың «Миллий мәлимлеме медиа мәканында журналисттиң роли», ӨзАның хабаршысы Есимхан Қанаатовтың «Жаңалықлар журналистикасында текст қурылысы (төңкерилген пирамида стили мысалында)», доцент Малика Жумамуратованың «Дата журналистика − информациялық континуумда», журналистика кафедрасының баслығы Злиха Оразымбетованың «Газета тилин ана тилиниң айнасы болыўын тәмийнлеў мәселелери», үлкен оқытыўшы, PhD Тамара Машарипованың «Ҳәзирги қарақалпақ журналистикасының жанрлық, тематикалық, стильлик ҳәм тил өзгешеликлери» ҳәм ф.и.к. Бахытбай Палўановтың «Журналист кадрларды таярлаўда европа аўқамы еллери университетлериниң тәжирийбелери» темаларындағы баянатлары тыңланды.

ҚМУда ғалаба хабар қураллары хызмети менен байланыслы республикалық илимий-теориялық конференция өткерилди

ҚМУда ғалаба хабар қураллары хызмети менен байланыслы республикалық илимий-теориялық конференция өткерилди

Конференцияның ашылыў салтанатын университеттиң илимий бөлими баслығы К.Алланазаров алып барды. Күнниң екинши бөлиминде конференцияның секция мәжилислери даўам етти. Конференция материаллары топламын баспадан шығарыў нәзерде тутылған.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған