Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.05.2018 10:35
  • 2257

АҚШта 5 жылдан берли ең жақсы шыпакерлер қатарынан орын алып киятырған қарақалпақстанлы Жолдас Қулжанов ҳаққында билесиз бе?

АҚШта 5 жылдан берли ең жақсы шыпакерлер қатарынан орын алып киятырған қарақалпақстанлы Жолдас Қулжанов ҳаққында билесиз бе?

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Алишер Шодмонов АҚШтағы жетекши клиникалардың бири – Сент-Луис университетиниң Ортопедиялық хиррургия департаменти басшысы, белгили қәниге, жерлесимиз Жолдас Қулжанов пенен ушырасты. Бул ҳаққында министрликтиң мәлимлеме хызметине тийкарланып Kun.uz хабар бермекте.
Жолдас Қулжанов шығысы қарақалпақстанлы болып, 1989-жылға шекем Никарагуада ҳәм «Пахтакор» футбол клубының шыпакери сыпатында жумыс алып барған. 1989-1995-жыллары Ташкент медицина академиясы 2-клиникасының травматология ҳәм ортопедия бөлими баслығы болып ислеген. Соннан берли тәжирийбели травмотолог-ортопед Америка Қурама Штатларында жумыс ислемекте.
Ол ҳәзирги ўақытта АҚШта жылына 700 ге шамалас қурамалы операцияларды табыслы өткериў менен бирге, университет клиникасында бирнеше мәмлекетлердиң травмотолог-ортопедлерине билим береди, дүньяның белгили медициналық орайларында тәжирийбе сабақларын алып барады. Ж.Қулжанов бес мәрте АҚШта жылдың ең жақсы шыпакерлериниң бири сыпатында тән алынған.
Ушырасыўда жерлесимиз Өзбекстан медицинасын және де раўажландырыў оғада әҳмийетли екенлигин атап өтти. Буның ушын болса бар күш-жигерин сарплаўға тайын екенлигин билдирди.
Сондай-ақ, Ж.Қулжанов Өзбекстанда режелестирген жумысларының басланыўы сыпатында усы жылдың 23-июнь – 3-июль күнлери Сент-Луис ҳәм Сан-Диегодағы қәнигелестирилген медицина орайларындағы белгили нейрохиррург, нейрофизиолог, уролог, травматолог-ортопед ҳәм басқа шыпакерлер топарының елимизге келиўин шөлкемлестирмекши екенлигин билдирди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

    Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир