Япония Өзбекстанға улыўмалық муғдары 800 миллион йена (7,3 миллион доллар) болған жол-қурылыс техникасын бийғәрез тийкарда усынады, деп
хабар бермекте Asr.uz Sputnik хабаршысына тийкарланып.
Бул Өзбекстан ҳәм Япония ўәкиллери арасында Ташкентте қол қойылған алмасыў ноталарында нәзерде тутылған.
«Грант жойбары шеңберинде Өзбекстан Японияның «Sakai Heavy Industries Ltd» компаниясының техникасына ийе болады. Бул техникадан Сырдәрья, Жиззах, Хорезм ҳәм Қарақалпақстанда «Абат аўыл» бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде аўыллық жерлерде жол-оңлаў жумысларында пайдаланылады. Өзбекстанға атап айтқанда, ресайклер ҳәм ҳәр қыйлы жол қурылысы техникалары ҳәм олардың аўысық бөлеклери жибериледи», - деп айтып өтти Японияның Өзбекстандағы елшиханасы.
Еслетип өтемиз, усы жылдың март айының басында Өзбекстан Қытайда ислеп шығарылған 100 ден аслам жол-қурылыс техникасын сатып алған еди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzИслам Матеков.