Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.06.2018 12:05
  • 1805

Қарақалпақстанда терминология орайы шөлкемлестирилди

Қарақалпақстанда терминология орайы шөлкемлестирилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жанында Республикалық терминология орайы шөлкемлестирилди. Орайдың тийкарғы штат бирлигинде 3 хызметкер, жәмийетлик кеңестеги 8 бөлимде 20 қәниге жумыс алап барыўы режелестирилген, деп хабар береди Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлигиниң хабаршысы Есимқан Қанаатов.
Орайды шөлкемлестириўде «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының талапларын басшылыққа алып, миллий терминология тараўындағы жумысларды буннан былай да раўажландырыў, тәртипке салыў ҳәм унификациялаў нәзерде тутылған.
Орайдың тийкарғы мақсети менен ўазыйпалары сыпатында терминлерди анықлаў ҳәм тәртипке салыў, илимий тийкарланған терминлерди көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў, терминологиялық сөзликлер таярлаў, заманагөй мәлимлеме технологияларын әмелиятқа енгизиў, қарақалпақ тилинде компьютер бағдарламаларын таярлаў сыяқлы мәселелер белгиленген.
Буннан былай терминология орайы қарақалпақ тили қағыйдаларын қопал түрде бузған шөлкемлердиң жуўаплы хызметкерлерине шара қолланыў бойынша усыныс бере алады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл