Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.06.2018 10:41
  • 1431

«Өзиңниң орныңда қалыў ушын «аяқты қолға алып жуўырыў керек»



Информацияның глобалласыўы дәўиринде жасаў жүдә қыйын. Себеби, ҳәр түрли информациялар ағымы инсанды тез шаршатады. Бундай дәўирде заманагөй балаларды, жасларды тәрбиялап атырған оқытыўшылар төмендегише өзгешеликлерди өзинде жәмлеўи керек:
Өзгериў. Бул ең қыйыны, бирақ кәмил инсан болыў ушын бул зәрүр болып есапланады. Оқытыўшылар заманагөй техника ҳәм технологияларды тез өзлестире алыў қәбилетине ийе болыўы керек.
Өз кемшиликлерин тән алыў. Ҳеш нәрсе ислемеген адам ғана қәтеге жол қоймайды. Оқытыўшылар болса, бундай адамлардың топарына кирмейтуғыны анық. Сонлықтан, олар өз ўақтында кемшиликлерин тан ала билиўи керек.
Раўажланыў. Бүгинги дәўир ушын ең керекли қәсийет. «Алиса айналар елинде» шығармасында Қара маликаға айтқанындай, өзиңниң орныңда қалыў ушын «аяқты қолға алып жуўырыў керек». Бул тез пәт пенен раўажланып баратырған заман менен тең қәдем таслаўды қәлесеңиз, өзиңиздиң үстиңизде тынбай ислеўиңиз керек дегенди билдиреди.
Оқытыўшы заманагөй оқыўшылар қандай жасап атырғанлыгын да билиўи зәрүр. Буннан тысқары, оқытыўшы заманагөй оқыўшылар басқаша екенлигин ядында сақлаўы керек. Олар интернетте жасамақта.


Жәлиев Руслан
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған