Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.06.2018 10:44
  • 1739

Заманагөй оқытыўшыға керек болған 8 тийкарғы өзгешелик



Биз тез пәт пенен раўажланып баратырған дәўирде жасап атырмыз. Бундай ўақытта заманагөй оқыўшыларды тәрбиялап атырған оқытыўшылар төмендегише өзгешеликлерге ийе болыўы керек:

Студентлерге ҳүрмет пенен қараўы. Студентти ҳүрмет етиў онда аппақ қағазды емес, бәлки шахсты көриў дегенин билдиреди.
Толерантлық. Адамлар түрлише болады. Айырым жағдайларда базы биреўлер басқаларға уқсамағанлығы ушын да ашыўымызды келтиреди. Гәп бирден-бир жуўап бериў мүмкин болмаған сораўлар ҳаққында бармақта. Күтилмеген ҳәм оригинал усынысларды дәрриў өширип таслаў керек емес. Олар стандарт жуўапларға қарағанда көбирек мас келиўи мүмкинлигин де есапқа алыў керек. Студенттиң өзгеше болыў ҳуқықын тән алың. Бәлки, сиз жаңа Эйнштейнге сабақ берип атырған шығарсыз.
Оқытыўшы өзиниң хызмет етип атырғанлығын түсиниўи. Не ушындур усы сөзлер көпшилик ата-аналар ҳәм оқытыўшыларға мақул келмейди. Бәлки, гәп абыройда шығар. «Оқытыўшы» сөзи өзгеше мақтаныш пенен айтылады. Бирақ, олар келешек ийелерине билим бериў ушын хызмет етип атырлығын умытпаўы тийис.
Ҳақыйқый нәрселер менен ҳүрметке ийе болыўға таяр турыўы. Бәлентпәрўаз сөзлер, буйрық мазмунындағы сөзлер менен заманагөй студентте жақсы пикир қалдыра алмайсыз. Қорқытыўдың пайдасы жоқ. Ҳәзирги оқыўшылар алдынғы адамлар қорққан нәрселерден қорқпайды. Басқа жолды таңлаўыңызға туўры келеди.
Шегараны сезиў. Бул руўхый ҳәм жеке билимлерге де тийисли. Себеби, балалар айырым тараўларда оқытыўшылардан да көбирек нәрселерден хабардар.
Өз ўазыйпасын түсиниў
Оқытыўшы «Google» излеў системасындағы излеп табыў мүмкин болмаған пайдалы билимлерди бере алыўы керек. Егер бундай болмаса ол ўақтын бийкарға сарпламақта.
Өзин-өзи сынға алыў. Егер оқытыўшы өз искерлигин анализлеп, оны қалай раўажландырыў ҳаққында ойласа, ол көп нәрселерге ериседи.
Ҳәзиллесиў. Сабақ барысында ҳәзиллесиў – шаршаў ҳәм зеригиўге қарсы жақсы қурал. Ҳәзиллесиў қурамалы жағдайларды жумсартыў ҳәм қыйын мәселелерди шешиўге жәрдем береди.
Сиз бул бойынша қандай пикирдесиз? Заманагөй оқытыўшы қандай болыўы керек?

Сахибжамал Есемуратова

Дәрек: kun.uz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған