Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.06.2018 11:48
  • 1915

Рамазан ҳайтында үш күнлик дем алыс бериледи. Дем алыс қайсы күнлерге туўра келеди?

Рамазан ҳайтында үш күнлик дем алыс бериледи. Дем алыс қайсы күнлерге туўра келеди?

Өзбекстанда Ийд әл-Фитр – Рамазан ҳайт байрамы үш күн белгиленеди. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-декабрьдеги «2018-жылда рәсмий сәнелерди белгилеў ўақтында қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы ПФ-5290-санлы пәрманында сөз етилген, деп жазады Kun.uz сайты.
«Халқымыздың жақсылық, мийрим-шәпәәт ҳәм қолы ашықлық, аўызбиршилик сыяқлы жоқары пазыйлетлери, сондай-ақ, миллий-диний қәдириятларды сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде 2018-жылдан баслап Қурбан ҳайт ҳәм Рамазан ҳайт сыяқлы муқаддес байрамларды белгилеў ушын байрам күнлерине жақын жумыс күнлерине айрықша дем алыс күнлерин көшириў жолы менен избе-из үш күн дем алыс күни енгизиледи», - деп жазылған Президент пәрманына түсиникте.
Пәрманға муўапық, Қурбан ҳайтында да үш күнлик дем алыс күни жәрияланады.
Еслетип өтемиз, 2018-жылы Рамазан ҳайтының биринши күни ай көринисине қарап белгиленеди. Ол Рамазан айының 29 ямаса 30 күн болыўына қарай, июнь айының 15- (жума) яки 16-сәнеси (шемби)не туўра келеди.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында