Telegram karinform

Мәденият

  • 12.06.2018 13:52
  • 2077

Сизге пайдалы. Инглис тилинде китап оқыў ушын бийпул сайтлар дизими

Сизге пайдалы. Инглис тилинде китап оқыў ушын бийпул сайтлар дизими

Инглис тили ҳәм грамматикасын үйрениў ҳәм сөз байлығын арттырыўдың жақсы жолы – шығармаларды инглис тилинде оқыў болып табылады. Бул усыл авторды, оның стили ҳәм тилин түсиниўге жәрдем береди. Әлбетте, өзиңизге унаған шығарманы инглис тилинде оқыў аңсат емес, бирақ заўықлы. «Алиса әжайыбатлар елинде» шығармасының аўдармасын қанша оқыған менен, авторды бәрибир толық түсинбеймиз. Соның ушын да, инглис тилин үйрениўшилерге китап оқыў ушын бийпул сайтлар дизимин усынамыз.

«Free-ebooks.net» - бул қолайлы китапханада электрон китаплар комплекси жанрлар бойынша бөлинген. Китаплардан тысқары журналлар да бар. Бийпул пайдаланыў ушын регистрациядан өтиў керек.

«FreeBookSpot.es» - 5000 нан аслам электрон китаплар топламынан ибарат онлайн-ресурс есапланады. Булардың барлығы бийпул болып, китаплар 95 категорияға бөлинген. Әдебий китаплардан басқа бизнеске байланыслы китапларды да табасыз. Оларды көширип алыў бийпул. Регистрациядан өтиў де шәрт емес.

«ManyBooks.net» - 33000 нан аслам электрон китапларды өз ишине жәмлеген сайт. Китаплар әлипбе тәртибинде жайластырылған. Китаплар компьютер, «Kindle», «Nook», «iPad»ларда оқыў ушын форматланған. Айрым китаплар 20 түрли формата да усынылғанлығы менен ажыралып турады.

«GetFreeEBooks.com» - бул авторлардың өз шығармаларын оқыўшыларға усынатуғын орталығы есапланады. Миллионнан аслам китаплар бар ҳәм олар жыл сайын көбейип бармақта. Көпшилик китаплар EPUB, MOBI, PDF, TXT форматларында усынылған.

«FreeComputerBooks.com» - компьютер бағдарламалары ҳәм математика бойынша китаплардың комплекси есапланады. Олардың арасынан сабақлықлар менен оқыўлық қолланбаларды да табыў мүмкин.

«FreeTechBooks.com» - информатика, инженерия ҳәм компьютер бағдарламалары ҳаққындағы бийпул китаплар сайты.

«The Online Books Page» (http://onlinebooks.library.upenn.edu/) – Интернеттеги 30 мыңнан аслам бийпул китаплар сайты.

«Baen Free Library» (https://www.baen.com/) – илимий-фантастикалық романлар комплекси. Онлайн оқыў ямаса көширип алыўға да болады.

«eBookLobby.com» - бул сайттағы бийпул электрон китаплар ҳәр қыйлы жанрларға бөлинген: бизнес, көркем өнер, билимлендириў… Керекли категорияны таңлап, қәлеген китабыңызды көширип алсаңыз болады.

«Project Gutenberg» (http://www.gutenberg.org/) – 75 мыңнан аслам электрон китаплар жайласқан. Излеген китабыңызды қәлеген форматта көширип алыўыңызға болады.

«PlaneteBook.com» - әдебий шығармалар китапханасы. Китапларды көширип алып оқыўға болады.

«e-Library.net» - китапханада 91 категория бойынша 8 мыңнан аслам китап жайласқан. Булардың 500 ден асламы бийпул оқыўға болатуғын китаплар болып табылады.

«BookBoon.com» - студентлер ҳәм саяхат етиўди хош көриўшилер ушын PDF форматындағы китаплар сайты. Регистрациядан өтиўиңиз шәрт емес.

«ClassicShorts.com» - жазыўшылардың көркем-әдебий шығармаларын усы сайттан табыўыңыз мүмкин. Барлық шығармаларды онлайн тәризде бийпул оқыў имканияты бар.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

    Усы жылдың 16-20-январь күнлери аралығында Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында ерлер арасында гандбол бойынша «Универсиада-2022» спорт