Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.06.2018 11:24
  • 1288

Нобель сыйлығының дәслепки лауреаты ҳаққында билесиз бе?



Әдебият жөнелиси бойынша Нобель сыйлығына дәслеп 1901-жылы француз шайыры Арман Сюлли-Прюдом лауреат болған.
Ҳәттеки, өзиниң ўатанында да аты умытылып баратырған шайырды Швеция академиясы сыйлыққа мүнәсип деп тапты. Бирақ, пүткил дүнья әдебиятшылары бул сыйлықты дүньяда шығармалары ең көп оқылып атырған уллы рус жазыўшысы Лев Николаевич Толстойға берилиўин күтип турған еди. Дурыс, Прюдомның талантына гүман жоқ, ол өзине жараса жолына ийе шайыр болған. Бирақ, оның дөретиўшилигин Толстойдай үлкен «таў» менен теңлестрип болмайды. Толстойға емес, Прюдомның сыйлықланыўы болса? әдебият әлеминде шын мәнидеги таң қалыўларға себеп болды. Бириншиден, Толстойдың өзи бул сыйлықтан бас тартқан, екиншиден сыйлық Толстойға берилгенде келеси талабанларға да жүдә жоқары талаплар белгиленген ҳәм Нобель шоққысы ийелеп болмайтуғын шекке айланып қалыўы мүмкин еди. Сонлықтан, Сюлли-Прюдом ең мүнәсип талабан болды. Бирақ, Сюлли-Прюдом кеселлиги себепли салтанатта қатнаса алмады.



Шайыр шаңарағы заманының ең зиялы шаңарақларынан болыўы менен бирге кембағаллықта өмир кеширген. Негизги аты Рене Франсуа Арман Прюдом болып, 1839-жылы 16-мартта Парижде саўдагерлер шаңарағында туўылған. Еки жасында әкесинен жетим қалған.
Рене дәслеп Бонапарт лицейинде оқыйды. Балалығынан инженер болыўды қәлеген Cюлли политехника коллежине ҳүжжет тапсырады, бирақ көзинде кеселлик болғанлығы себепли оқыўға қабылланбайды. Илажсыз қалған Рене тиришилик ушын Крузо қаласындағы заводда ислей баслайды. Сол ўақытта ол философияны үйренеди, қосық жазыўды баслайды. 1865-жылы ол өзиниң дәслепки қосықлар топламы «Станслар ҳәм поэмалар»ды баспадан шығарады. Белгили француз жазыўшысы Сен-Бёв шығармаға жоқары баҳа береди. Буннан соң шайырдың бир қатар топламлары баспадан шығарыла баслайды. 1870-жылы Прюдом турмысында жоғалтыўлар жүз береди. Ол бир неше күн ишинде анасы, әжағасы ҳәм әжапасынан айырылып қалады.
Прюдомның қосықшылық тараўындағы излениўлери есапқа алынып, ол Француз академиясы ағзасы етип сайланды. 1902-жылы Жозе-Мария де Гердьа ҳәм Леон Дьелар сыяқлы шайырлар менен биргеликте «Француз шайырлар жәмийети»н дүзеди.
Швеция академиясы ағзалары дөретиўшиге төмендегише тәрийп береди: «Гүзетиўшеңлик ҳәм жоқары руўхыйлық пенен суўғарылған ақыл Сюлли-Прюдомды басқалардан ажыратып турады».
Узақ ўақыт ләңликтен азапланған шайыр 1907-жылы 6-сентябрьде Шатней-Малабри қаласында дүньядан өткен.
Прюдом Нобель сыйлығы ушын алған қаржысын жас шайырларды қоллап-қуўатлаўға сарплайды.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...