Интернет басқа ғалаба хабар қуралларынан өзгешеленеди. Интернет өзинде басқа барлық ғалаба хабар куралларын қамтыйды. Интернеттен, биз, қәлеген жердеги қәлеген телевидение, радио, газета-журналарда жәрияланған материаллардан хабардар болыўымызға болады. Оқыўымыз, телекөрсетиўлер көриўимиз ҳәм радиоеситтириўлерди еситиўимиз мүмкин болады. Сондай-ақ, интернеттиң журналист ушын ең қолайлы тәрепи, ол қәлеген интернет тармағы жетип барған орында турып жаңалық яки мағлыўматты өз редакциясына қыйыншылықларсыз, секундлар ишинде өз сайтындағы программа яки электрон почта арқалы жеткерип бериўи мүмкин. Және журналист өз редакциясының веб-сайтына соңғы мағлыўматларды өзи-ақ жайластырыўы мүмкин. Соның ушын да, бүгинги күни интернет тез ислейтуғын ғалаба хабар қуралы сыпатында тән алынбақта. Буннан алдын хабарларды тез жеткерип бериў имканиятына ийе деп табылған телевидение ҳәм радио интернеттен информацияларды алмақта. Буған себеп радиостанцияларда көпшилик жағдайларды даўысты монтажлаўға кеткен ўақыт, мағлыўматты тез жеткерип бериўге имканият бермейди. Соның менен бирге дәстүрий ғалаба хабар кураллары дүнья жузинде болып атырған хабарларды интернет киби кең қамтып ала алмайды.
Интернет журналисти газеташы журналистке салыстырғанда ойлап, пикир жүргизип отырыўға ўақты жоқ, бул ғалаба хабар қуралларының тийкарғы үстинлиги – оперативлиги болып табылады. Соның менен бирге, қағазда басылатуғын материалға салыстырғанда универсал болыўы керек. Себеби, интернет аудиториясының шегарасы жоқ.
Ҳәр бир ғалаба хабар қураллары сайтында излеў системасы болыўы шәрт, неге дегенде оқыўшы сайтқа киргенде тек ғана жаңалық пенен танысыўға ҳәрекет етпейди, қосымша мағлыўматларды да излеўи мүмкин. Бул, әлбетте, 40-50 бетли газетадан керекли мағлыўматты излеўден аңсат болса керек. Соның ушын журналистлер интернетке өз материалларын таярлаў менен бирге оннан жүдә көп материалларды алады.
Келешекте жаңалықлар алмасыўының ҳәм бул тараўда бәсекиликтиң күшейиўи медиа менен биргеликте дәстүрий ғалаба хабар қуралларының раўажланыўына алып келеди. Себеби, жаналықлардың айланысы басқа барлық тараўларға өз жәрдемин тийгизеди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz Сахибжамал Есемуратова