Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.06.2018 11:07
  • 1887

Ертең Қарақалпақстандағы 6 жоқары оқыў орнында абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў басланады

Ертең Қарақалпақстандағы 6 жоқары оқыў орнында абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў басланады

Ертең – 16-июнь күни Қарақалпақстан Республикасындағы 6 жоқары оқыў орны – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Ташкент мәмлекетлик педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты ҳәм Әл-Хорезмий атындағы Ташкент мәмлекетлик мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалында 2018-2019-оқыў жылы ушын абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў басланады.
Аты аталған барлық жоқары оқыў орынларының бас биналарында қабыллаў комиссиялары өз жумысын баслайды.
Еслетип өтемиз, быйылғы жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты пайтахтымыздағы №47 «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Нөкис мелиорация ҳәм суў хожалығы кәсип-өнер колледжи ҳәм Нөкис агроэкономика кәсип-өнер колледжи имаратларына көшип барған еди. Институттың қабыллаў комиссиясы бурынғы Нөкис агроэкономика кәсип-өнер колледжи имаратында жайласқан.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал