Oltinvodiy.uz басылымы Өзбекстан миллий сайланды командасының бас тренери ўазыйпасына ким келиўин болжады, деп
жазады Asr.uz сайты.
Өзбекстанлы футбол ықласбентлери Россияда даўам етип атырған жәҳән чемпионатының жуўмақланыўын сабырсызлық пенен күтип атыр. Өйткени, мундиалдан соң Өзбекстан миллий сайланды командасы бас тренериниң ким болыўы мәлим болады.
Хош, миллий сайланды команданы ким басқарады, деген сораўға көпшилик португалиялы қәниге – Карлуш Кейруш деген жуўапты бермекте. Себеби, ҳәзирги ўақытта Иран сайланды командасын басқарып атырған қәнигениң сайланды командаға келиўи ҳаққындағы гәплер бар. Және ӨФА 1-вице президенти Умид Аҳмаджонов бас тренер мәселесине тоқталып, бул қәниге сайланды командасы менен мундиалда қатнасыўын айтқан еди. Буннан соң көпшилик Умид Аҳмаджонов айтқан тренер Карлуш Кейруш деген жуўмаққа келген еди.
Бирақ, және бир болжаў да бар. Мундиалдан соң сайланды команданың басқарыўына голландиялы Берт ван Марвеейк келиўи де мүмкин. Бул қәниге Сауд Арабиясы сайланды командасы менен жәҳән чемпионаты жолламасын қолға киргизди. Кейин ала араблар менен хошласып, Австралия сайланды командасына бас тренер болды.
Мағлыўматларға қарағанда, Берт ван Марвеейк «жасыл континент» ўәкиллери менен жәҳән чемпионатының ақырына шекем шәртнама дүзген. Биз күтип атырған тренер Марвеейк болыўы да мүмкин.
Сондай-ақ, ӨФА хызметкерлери бирнеше ай алдын Кейруш ҳаққындағы мағлыўматларды тарқатып атырғанларға мағлыўматларды қай жерден алғанлығы ҳаққында сораў менен мүрәжат еткен еди.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz