Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.06.2018 10:45
  • 1971

Ериншек адамлар ушын естелик. Қанлыкөлде және бир өзгеше естелик орнатылды

Ериншек адамлар ушын естелик. Қанлыкөлде және бир өзгеше естелик орнатылды

Қанлыкөл районында «өзгеше» естелик бой тикледи. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.
Естелик «Билимсиз ҳәм ериншек инсанның жәмийеттеги орны» деп аталады. Бунда жүзеге келген азлы-кем қыйыншылықлар алдында бас ийип, ҳеш қандай мақсетке умтылмайтуғын, китап оқымайтуғын, мийнет ислеўди қәлемейтуғын, бийпәрўа инсанлардың халқымыз арасында ҳәм жәмийетимиздеги «ийелеген» орны сәўлеленген. Бундай инсанның орны тек ғана – бослық, - деп жазылған хабарда.

Ериншек адамлар ушын естелик. Қанлыкөлде және бир өзгеше естелик орнатылды
Ериншек адамлар ушын естелик. Қанлыкөлде және бир өзгеше естелик орнатылды
Ериншек адамлар ушын естелик. Қанлыкөлде және бир өзгеше естелик орнатылды

Бул өзгеше естелик халқымыз, жасларымыз ҳәм балаларымыз арасында да үлкен қызығыўшылық оятпақта. Естелик орнатыўдан баслы мақсет – халқымызды, әсиресе, жасларымызды китап оқыўға, билим алыўға, өмирде ушырасқан қыйыншылықларды мәрдана жеңип өтиўге, мийнет етиў арқалы халқымыз арасында ҳәм жәмийетимизде өзиниң ылайықлы орнын табыўға умтылыў ушын руўхландырыўдан ибарат.
Еслетип өтемиз, буннан алдын Қанлыкөл районындағы «Бахытлы» дем алыў паркинде «Китаплар естелиги» монументи орнатылғанлығы ҳаққында хабар берилген еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған