Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.06.2018 09:57
  • 1925

ҚМУдың нефть ҳәм газ бакалавр бағдарларына квоталар саны азайды (ма?)

ҚМУдың нефть ҳәм газ бакалавр бағдарларына квоталар саны азайды (ма?)

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң химиялық технология факультетинде нефть ҳәм газ кәнлерин иске түсириў ҳәм олардан пайдаланыў және нефть ҳәм нефть-газди қайта ислеў технологиясы бакалавр бағдарлары бойынша бирнеше жыллардан берли жоқары мағлыўматлы кадрлар таярланып келинбекте.

Келеси 2018-2019-оқыў жылы ушын нефть ҳәм газ кәнлерин иске түсириў ҳәм олардан пайдаланыў бакалавр бағдарына жәми 80 студент – соннан 55 студент қарақалпақ топары, 25 студент өзбек топарына қабылланады. Қарақалпақ топарына ажыратылған 55 орыннан 15 и мәмлекетлик грант, 40 ы төлемли контракт тийкарында, ал өзбек топары ушын ажыратылған 25 орыннан 5 и мәмлекетлик грант, 20 сы төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етиледи.

Ал нефть ҳәм нефть-газди қайта ислеў технологиясы бакалавр бағдарына жәми 50 студент, соннан 30 студент қарақалпақ топары, 20 студент өзбек топарына қабылланады. Қарақалпақ топарына ажыратылған 30 орыннан 10 ы мәмлекетлик грант, 20 сы төлемли контракт тийкарында, ал өзбек топары ушын ажыратылған 20 орыннан 5 и мәмлекетлик грант, 15 и төлемли контракт тийкарында оқыўға қабылланады.

Мағлыўмат ушын, өткен 2017-2018-оқыў жылында нефть ҳәм газ кәнлерин иске түсириў ҳәм олардан пайдаланыў бакалавр бағдарына жәми 80 студент, соннан 20 мәмлекетлик грант, 60 төлемли контракт тийкарында, ал нефть ҳәм нефть-газди қайта ислеў технологиясы бакалавр бағдарына жәми 150 студент, соннан 40 мәмлекетлик грант, 110 төлемли контракт тийкарында студентлер қабыл етилген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

Өзбекстанда аўыллық жерлерде туўылыўшылық қалаларға салыстырғанда көбирек

    Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-февраль айларында, ПҲАЖ уйымларында республика бойынша 135 914 тири