
Елимизде жасларға ҳәм олардың тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратылмақта. 2017-жылы 30-июнь сәнесинде Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен 30-июньды жаслар күни сыпатында жәрияланған еди. Усы жылы бул сәне кең түрде белгиленбекте.
28-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында 30-июнь – жаслар күни мүнәсибети менен «Жаслар-келешек қурыўшысы» атамасындағы байрам кешеси өткерилди.
Байрам илажын университеттиң руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Ҳ.Турсынбаев басқарып барды. Сондай-ақ, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Б.Аралбаева ҳәм университеттиң жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми баслығы Н.Пирназаров шығып сөйледи. Кеше даўамында бир қатар белсенди, талантлы ҳәм зийрек студент жаслар, факультетлердеги жаслар аўқамы жетекшилери ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Буннан соң сахналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы жыйналғанлардың итибарына усынылды.
Сахибжамал Есемуратова