
Дүньяда кәсиптиң түри көп. Оларды салыстырып қарасаң биринен екиншиси қызығырақ, биринен бири қыйынырақ, биринен екиншиси жақсырақтай түйиле береди. Бирақ, мине усы кәсиплер арасынан өзиң ушын арналған кәсипти таңлай алмасаң, өмирде көп дәккиге ушыраўың турған гәп. Гәпти узақтан алыўымның себеби, турмыста, жәмийетте кәсиби бойынша алжас сақпақларға түсип жүргенлер аз емес, ашынарлысы олардың бул соқпақларының гузарларға уласыўы гуман...
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика кафедрасы Өзбекстандағы журналист қәнигелерди таярлайтуғын оқыў дәргайларының бири. Бул оқыў дәргайы 35 жылдан берли ғалаба хабар қураллары тараўына қәнигелер таярлайды. Усы ўақытқа шекем ҳәр жылы журналистика қәнигелигин 20 студент питкерип шығатуғын еди. Хабарыңыз бар, Президентимиздиң усы жылы 24-май күнги арнаўлы қарарына муўапық Өзбекстанда журналистика ҳәм ғалаба коммуникация университети шөлкемлестирилип, усы оқыў жылынан баслап абитуриентлерди қабылламақта. Мине, усындай өзгерислер болып атырған бир ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика қәнигелигине абитуриетлерди қабыллаўда да үлкен өзгерислер болып атыр. Бурын 20 студент қабыл етилетуғын болса (5 мәмлекетлик грант, 15 төлемли контракт), усы оқыў жылынан баслап 40 студент (10 грант, 30 контаркт) қабылланады. Және бир өзгерис, усы оқыў жылынан баслап өзбек топары ашылды. Оған 4 мәмлекетлик грант тийкарында 11 төлемли контракт тийкарында студентлер қабыл етиледи.
Журналистика тараўы гуманитар тараў болғаны менен ол математикаға усап анықлықты, юридикаға усап заңлылықты талап ететуғын тараў. Сонлықтан да, бул кәсипти таңлаў ушын жети өлшеўдиң өзи жеткиликсиз, керек болса сегиз ямаса оннан да көбирек өлшеў артықшалық етпейди. Әлбетте, кәсипти алжас таңлаў ямаса қәлемей бул тараўға араласыў бириншиден өзиңди алжастырады, екиншиден жәмийетшиликке зыянын тийгизеди. Демек, бир ғана қәтелик мәмлекетке де салмақлы зыян жеткизеди. Бирақ, буның алдын алыў мүмкин, буған көп нәрсе керек емес, ал тек ғана анық мақсет, дурыс бағдар, дөретиўишилик қәбилет болса, соның өзи жеткиликли.
Ҳәзирги ўақытта мине усындай қәбилетиниң, мийнетиниң, ықласының ҳәм мақсетиниң арқасында өз орнын тапқан ҳәм өз орнына ийе журналистлер аз емес. Мен оларды 27-июнь кәсиплик байрамы менен шын жүректен қутлықлап, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларында тасқын табыслар тилеймен.
Злиха Оразымбетова,
Журналистика кафедрасының баслығы, филология илимлериниң кандидаты.