Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.06.2018 12:20
  • 1866

Автомобильлердиң айнасын қарайтыў (тонировка)ға рәсмий түрде руқсат бериледи, бирақ…

Автомобильлердиң айнасын қарайтыў (тонировка)ға рәсмий түрде руқсат бериледи, бирақ…

Өзбекстанда физикалық ҳәм юридикалық шахсларға пулы тийкарда автомобиль айналарын қарайтыў (тонировка)ға руқсат бериў режелестирилмекте. Бул ҳаққында ҳүкиметлик қарар жойбарына тийкарланып Podrobno.uz хабар берди, деп жазады Daryo.uz.
Ҳүжжет жойбарында жеңил автомобильлердиң артқы айналарын 5 процент ҳәм артқы қаптал айналарын 30 процентке шекем қарайтыўды белгилеў усыныс етилмекте.
Тонировка Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги структуралары тәрепинен 1 жыллық мүддетке берилген руқсатнама тийкарында, тастыйықланған мәмлекетлик стандартқа муўапық ИИМ жанындағы «Инновациялық жойбарлар ҳәм халыққа сервис хызметин көрсетиў орайы» МУК тәрепинен әмелге асырылады.
Машинаның алдынғы айнасының жоқарғы бөлиминде 14 сантиметрден қалың болмаған ҳәм жақтылық өткериўшеңлиги 30 проценттен кем болмаған полоса орнатыў ушын руқсатнама талап етилмейди.
Тонировкаға руқсат бериў ҳәм оны орнатыў ушын төлеў ставкасы физикалық шахслар ушын ең кем мийнет ҳақының 90, юридикалық шахслар ушын 120, сырт еллердиң юридикалық шахслары ушын ең кем мийнет ҳақының 140 есеси муғдарында болады.
Машина айнасы қарайтылған сырт еллердиң транспорт қуралларында Өзбекстан аймағына кириў ҳәм транзитлик өтиў жағдайларында 15 доллар муғдарында төлем алынады.
Ишки ислер министрлиги хызмет машиналарының айналарын қарайтыў руқсатнамасы ҳәм бийпул орнатыўға руқсат берилген мәмлекетлик органлардың дизимин тастыйықлайды.
Ҳүжжетте пулы тонировкаға 2018-жылдың 1-июль сәнесинен руқсат берилиўи белгиленген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...