Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.07.2018 11:16
  • 1907

Тест процесин онлайн бақлап барыў ушын Нөкистеги еки жерге монитор орнатылады

Тест процесин онлайн бақлап барыў ушын Нөкистеги еки жерге монитор орнатылады

Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Музаффар Абдуллаев KarInform.uz сайтының редакторы Ислам Матеков пенен болған сәўбетлесиўинде айтып өтти.
Хабарыңыз бар, быйылғы жылғы тест сынақларының өткерилиў процеси абитуриентлердиң ата-аналары, жақын-жуўықлары ҳәм басқа да бақлаўшылар ушын онлайн режимде көрсетиледи.
Пайтахтымыз Нөкис қаласында тест болып өтиўи режелестирилип атырған Нөкис Олимпия резервлери колледжи ҳәм Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Жоқары тәжирийбе спорт мектебине (халық арасында «Айдын жол» спорт комплекси деп те аталады) жақын жерлерде күтиў орынлары шөлкемлестириледи.
Анықластырып айтқанда, Нөкис Олимпия резервлери колледжинде өткерилетуғын тест сынақлары ТашПМИ Нөкис филиалының академиялық лицейи алдында, ал Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Жоқары тәжирийбе спорт мектебинде өткерилетуғын тест сынақлары 5-санлы улыўма билим бериў мектеби (бурынғы Гоголь атындағы мектеп) алдында қурылатуғын 3х4 м өлшемдеги (12 метр квадрат) мониторлар арқалы онлайн режимде көрсетиледи.
Мониторлар алдында отырып тамашалаў ушын арнаўлы майданшалар қурылыўы режелестирилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған