
Халық медицинасында ақ акацияның жас пақалларының қабығынан таярланған қайнатпаны ас қазан ширесиниң кислотасы көбейиўиниң нәтийжесинде пайда болатуғын запыранлы кекирикти қойдырыў ушын тамшы түринде ишиледи. Ақ акация гүлиниң ширесин денениң сыртына: бел аўырыўға яғный, радикулитке, миалгияға, ревматизмге, тромбофлибитке, дуз жыйналған жерге, териниң зақымланған, көгерген жерлеринде, жарақатқа көп муғдарда жағылады.
Бийиклиги 25 метрге дейин баратуғын ағаш денели өсимлик болып, собықлылар туқымласына жатады. Сулыў ҳәм ийисли гүллери менен адамды өзине тартады. Гүллери ақ реңде, 7-12 см болған салбырап турыўшы топ гүлге жыйналған. Сазлы, сазлы қумлық, қумшаўыт ҳәм онша кебирленбеген жерлерде жақсы өседи. Бул өсимликти жақсы сән бериў ушын көшелердиң бойларына, парклерге отырғызылады. Республикамыздың көпишилик районларында сән бериўши өсимлик ретинде кеңнен тарқалған.
Ақ акацияның гүллеринде эфир майы болады. Оннан петролей эфириниң ширеси алынады. Буның гүллеринен алынған майдың қурылысындабензил алкоголь, метил эфири, линалол ушырасады.
Сахибжамал Есемуратова