2-июль күни Ташкент қаласында Халықаралық пресс-клубтың «Өзбекстан Республикасының жаңа салық концепциясы» атамасындағы жыйналысы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Қаржы министри Жамшид Қўчқоров өткен ҳәптеде Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен қол қойылған тарийхый ҳүжжет – Өзбекстанның жаң салық концепциясының әҳмийети ҳаққында пикирлерин билдирди, деп
жазады Sof.uz сайты.
Физикалық шахслардан алынатуғын салықларСалық концепциясының екинши әҳмийети халықтың дәраматларын салыққа тартыў, мийнет ҳақы қорындағы өзгерис болмақта. Ең баслы мәселе – финансқа түсетуғын халықты легалластырыў.
«Бир санлы мағлыўмат айтаман, бүгинги күни Өзбекстанда 13 млн адам мийнетке жарамлы болатуғын болса, бизде физикалық шахслардан алынатуғын салық төлеўшилер, яғный ИНН саны бойынша салық төлеп атырғанлар 4,6 млн адамды қурайды. Енди екинши тәрептен, бизде неше адам пенсия алады деп сорасаңыз, мен сизге айтыўым мүмкин – 3,3 млн, демек 4,6 млн адам 3,3 млн пенсионердиң пенсиясын тәмийинлеўи керек. Бул көп пе ямаса аз ба? Яғный 1,5 жумыс ислеўши бир пенсионерди бағыўы керек. Бундай көрсеткиш Европаның ең қартыйып баратырған еллерине тән, бул Италия, Австрия деп айтыўымыз мүмкин. Бизде жас миллет болыўына қарамастан усындай аўҳал. Демек, сол себепли ҳүрметли Президентимиз қарар қабыл етип, мийнет ҳақы қорында салықты кескин кемейтиў, соның есабынан жумыс бериўши ҳәм жумысшының да мийнетин жасырмаўының алдын алыў, усыған шараят жаратып бериўди айтып өтти. Итибар берсеңиз, ставкада 12 процент жумыс ислеўши, 12 процент жумыс бериўши төлейди. Бул американша принцип, қәнигелер жақсы биледи. Америкада да мийнет ҳақы қорынан төленетуғын салықлар айтып өтетуғын болсақ ямаса пенсия қамсызландырыў төлемлери атап айтқанда 50-50 төленеди», - деп өз пикирин билдирди Қаржы министри.
Исбилерменлерди салыққа тартыў системасыЖамшид Қўчқоров өз сөзинде және бир әҳмийетли мәселеге итибар қаратты:
«Тийкарғы салық төлеўшилер ушын бирдей шараят жаратыў, ҳәмме теңдей салық төлеўи керек. Әлбетте, кимлергедур салық жүги көбейеди, буны ашық тән алыўымыз керек. Бирақ, бул әдил жол. Усы салық системасының баслы принциплериниң бири бул – әдиллик. Бирдей дәрамат алып, еки кәрхана еки түрли салық төлеўи мүмкин емес. Салық системасы адамлардың турмыслық психологиясы, философиясынан келип шығыўы керек. Демек, адамзат пайда болғаннан бәрқулла әдилликке умтылады. Соннан келип шыға отырып, салық системасы әдил болыўы керек. Менде үлкен кәрхана, 30 млн доллар активим болса да, мен киши кәрхана деп 199 адамлық жумысшы алып, кейин барлық әпиўайы хызметкерлерди аутсорсинге берип, мен өзимди киши кәрхана деп 5% төлеўим керек. Бул әлбетте надурыс. Булар көбирек төлейди. Демек, бүгин кимдур бар даўысы менен бақырыўы мүмкин – бизде салық төлеми көбейди. Аўа, көбейди, буны әшкара айтыўымыз керек. Бирақ 1-январьдан баслап несип етсе әдиллик болады. Әдиллик болғанда да, салық ҳәмме ушын бирдей, себеби ҳәммемиз бирдей мектептен пайдаланамыз, ҳәммениң қәўипсизлиги тәмийинленеди. Усы көзқарастан әдиллик мәселесин айтып өтсек. Буны да бир даўыстан халықаралық экспертлер де, ишки экспертлер де айтып атыр, ҳәттеки, көрип турмыз, олар бүгиннен баслап бирден-бир салықты төлеп атыр, бирақ олардың өзлери айтып атыр буны тоқтатың – бул әдиллик емес деп. Бул адамлардың өзлери әдилликке умтылып атыр. Өйткени, улыўма алғанда узақ келешекти алатуғын болсақ, олар ушын жаңадан киргизилетуғын тәртип мақсетлерине сәйкес келеди», - деп өз пикирин билдирди Жамшид Қўчқоров.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz