
Халқымыз әййем заманлардан китапты қәдирлеп келген. Ата-бабаларымыз китапты қолда көширип‚ оны өзи оқып ҳәм әўладтан-әўладқа жеткерип отырған. Китапқа болған үлкен қызығыўшылық, талап оның бүгингидей көринисине алып келген.
ХХI әсир технологиялар әсири сыпатында тән алынды. Бүгинги күнде техниканың жедел пәт пенен раўажланыўының нәтийжесинде кең жәмийетшилигимиз арасында «электрон китапхана» деген атама пайда болды. Хош, электрон китаплардың қолайлығы ҳәм абзаллықлары қандай?
Электрон китаплардың қолайлығы оны жумыс пенен көбирек бәнт болатуғын адамлар китаптың қағаз нусқасын излеўге ўақыт сарыпламастан, интернет глобал тармағы арқалы жүклеп алып, оқыў имканиятына ийе. Оннан керекли китапты тез ҳәм аңсат табыў мүмкин. Бирақ, базы бир адамлар электрон китапларды оқығанда компьютер мониторына узақ ўақыт қараў нәтийжесинде «көз тез шаршайды, сонлықтан оның қағаз нусқасын алып оқыған жақсырақ» деген пикирди айтады. Бул пикирди көбирек үлкен жастағы китап оқыўшылары билдиреди.
Китап қандай болмасын, ол инсан санасының раўажланыўына, онда жақсы ой-пикирлерди қәлиплестириўге жәрдем береди. Сол себепли, электрон китап болсын яки қағаз нусқасы болсын өз оқыўшыларына ийе. Ал, электрон китапхананың пайда болыўы ҳәм раўажланыўы болса, китап оқыўшылары санының артыўына үлкен тәсирин тийгизди.
Амина Назарова