Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.07.2018 11:57
  • 1655

Қарақалпақстанда некеден ажырасыў жағдайлары кемейген

Қарақалпақстанда некеден ажырасыў жағдайлары кемейген

Ҳәзирги күнге келип Өзбекстанда ажырасыў ҳалатларының улыўмалық көрсеткишлери бираз көбейген – 31 930 (бир жыл алдынғы көрсеткиш болса – 29 647), олардың көпшилиги шаңарақтағы өз ара келиспеўшиликлер себепли келип шыққан. Kun.uz хабаршысы ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары Мукаррам Нурматованың Халықаралық пресс-клубтың ПҲАЖ органлары жумысларына бағышланған сессиясы шеңберинде берген интервьюсына тийкарланып усы ҳаққында хабар бермекте.
Оның сөзлерине қарағанда, Өзбекстанда ажырасыў көрсеткишлери өткен жылға салыстырғанда бираз көбейген, бирақ айрым аймақларда бул көрсеткишлер азайған.
«Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятларында ажырасыў жағдайлары азайғаны дизимге алынған. Ташкент қаласында да 4 еўге азайған болса да, бизлер ушын бул да нәтийже болып табылады», - деген ҳаял-қызлар комитети баслығының орынбасары.

Илажда атап көрсетилген мағлыўматларға қарағанда, 2017-жылы дизимге алынған ажырасыўлардың себеплери төмендегилерден ибарат:
- өз ара келиспеўшилик – 67,4%;
- басқа шаңарақ қурып жасап атырғанлығы – 6%;
- бийперзентлик – 4,7%;
- бир тәрептиң басқа мәмлекетке шығып кеткенлиги – 3,8%;
- узақ ўақыт бирге жасамағанлығы – 2,9%;
- қыянет ҳәм басқа себеплер – 2,8%.

Ислам Матеков.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...