Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.07.2018 09:35
  • 1792

Тахтакөпирде кондитер ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў, балық өршитиў, «Жаслар гүзары»н қурыў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылды

Тахтакөпирде кондитер ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў, балық өршитиў, «Жаслар гүзары»н қурыў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылды

10-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи - Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңесиниң баслығы Қ.Қуронбоевтың Тахтакөпирли жаслар менен ушырасқаны ҳаққында хабар берген едик. Ушырасыўда тийкарынан «Жаслар – келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасын үгит-нәсиятлаў ҳәм жаслардың машқалаларын үйрениў, оларды сапластырыў нәзерде тутылған еди.

Тахтакөпирде кондитер ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў, балық өршитиў, «Жаслар гүзары»н қурыў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратылды

Илажда бир қатар жаслардың өз бизнесин баслаўы ушын жеңиллетилген кредитлер есабында қаржылар ажыратылды, деп хабар берди Өзбекстан жаслар аўқамы Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығы Т.Нагимов. Атап айтқанда, усы районда жасаўшы Н.Назарбаевтың футбол майданын қурыў бойынша билдирген усынысына муўапық, тийисли кәрхана ҳәм шөлкем басшылары менен биргеликте жер ажыратыў мәселелерин әмелге асырыў ҳәм қор есабынан 7% жеңиллетилген 180 млн сўм муғдарында, Т.Турымбетов, Г.Жанибековаларға хызмет көрсетиў ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў ушын қор есабынан 7% жеңиллетилген 55 млн сўм муғдарында, Қ.Жамғурбаевқа «Жаслар гүзары»н қурыў усынысына қор есабынан 7% жеңиллетилген 200 млн сўм муғдарында сондай-ақ, И.Бекимбетовқа «Балық өршитиў» ушын қор есабынан 7% жеңиллетилген 500 млн сўм муғдарында кредит ҳәм 13%лик 500 млн сўм муғдарында кредит ажыратыў, жәми 1 млрд сўм муғдарында кредит бериў бойынша усыныслары көрип шығылды ҳәм унамлы тәрепке шешип берилди.


Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған