Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.07.2018 00:06
  • 1792

НМПИ арнаўлы сыртқы бөлимге абитуриентлерден қандай ҳүжжетлер талап етиледи?

НМПИ арнаўлы сыртқы бөлимге абитуриентлерден қандай ҳүжжетлер талап етиледи?

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының арнаўлы сыртқы бөлимине абитуриентлерден қабыллаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлер талап етиледи:

1. Тәлим бағдары, оқыў тили көрсетилген ҳалда институт ректоры атына арза;
2. Тек тийисли ямаса түрлес тәлим бағдары бойынша орта арнаўлы, кәсип-өнер оқыў орнын тамамланғанлығы ҳаққындағы ҳүжжети (диплом)ниң түп нусқасы ҳәм қосымшасы менен;
3. 086/У формадағы медициналық мағлыўматнама;
4. Паспорт ҳәм әскерий хызметке қатнасы ҳаққындағы ҳүжжетти талабан өзи менен алып келип көрсетеди (паспорт нусқасын тапсырады);
5. Реңли 3,5см x 4,5 см өлшеминдеги 6 дана фотосүўрети;
6. Мийнет дәптершесинен белгиленген тәртиптеги тастыйықланған көширме;
7. Оқыў орны баслығының жоқары мағлыўматлы қәнигеге зәрүрлиги бар екенлиги ҳаққында хат;
8. Тийисли министрлик ямаса мекеме тәрепинен берилген усыныс (тавсиянама).

Абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл етиў мүддети июнь айының
15-сәнесинен баслап июль айының 15-сәнеси аралығында даўам етеди.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...