Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.07.2018 18:12
  • 1871

Қарақалпақстанда усы күнге шекем 7 адам суўға кетиўден қайтыс болған

Қарақалпақстанда усы күнге шекем 7 адам суўға кетиўден қайтыс болған

Мағлыўматларға қарағанда, республикамыздағы суўға кетиўге байланыслы бахытсыз ҳәдийселер жылдың май, июнь, июль, август айларына туўра келеди екен. Көпшилиги Әмиўдәрьяда ҳәм Нөкис қаласынан кесип өтетуғын «Дослық», «Қаттыағар» каналларында жүз бермекте, деп жазады Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Сонлықтан, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен тийисли хызметлер менен биргеликте усы күнге шекем усындай айрықша жағдайлардың алдын алыў мақсетинде 7 мәрте арнаўлы рейдлер өткерилген. Бир қатар илажлар әмелге асырылған.
- Бирақ, соған қарамастан, шомылыў қадаған етилген аймақларда 2018-жылдың 12-июль күнине шекем суўға кетиўге байланыслы 7 бахытсыз ҳәдийсе жүз бергени себепли 7 пуқара қайтыс болған,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкери Ильяр Қосбаев.
- Бундай ҳалатлар көбинесе пуқаралардың спиртли ишимликлерди ишип, мәс ҳалында шомылыўы, терлеп турған ўақытта суўға түсиўи, жүзиўди билмей турып шомылыўы ямаса каналда жалғыз шомылған ўақытларында болып атыр.
Егер суўға кетиўге байланыслы айрықша жағдайлар жүз берсе пуқараларымыз басқарманың «1050» қысқа телефонына хабарлаўы лазым. Қолынан келгенинше дәслепки жәрдемди көрсетиўи керек.
Ҳәзирги ўақытта республикамыздың қала ҳәм районларынан кесип өтетуғын дәрья ҳәм каналларға «Шомылыў қадаған етиледи» деп көрсетилген 57 ескертиўши белги қойылған. Пуқараларымыздан усы орынларда шомылмаўын, улыўма алғанда, шомылыў пайытында қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўин сорап қалар едик.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған